Қоңырат районының ең шетки «Жаслық» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағындағы  Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигине қараслы Қараўыл әскерлери әскерий бөлиминде ашық пикирлесиў ҳәм көшпели қабыллаў болып өтти.

Нөкис әскерий прокуратурасының басламасы менен шөлкемлестирилген илажға әскерий хызметкерлер, олардың шаңарақ ағзалары ҳәм ҳүрметли дем алыстағы ветеранлар қатнасты.

Илажды Нөкис әскерий прокуроры, әдиллик полковниги Б.Худайбердиев кирис сөз бенен ашып, елимизде пуқаралардың хуқық ҳәм еркинликлерин, олардың нызамлы мәплерин исенимли корғаўды тәмийинлеў, мәмлекетлик уйымлар менен лаўазымлы шахслардың халық алдындағы жуўапкершилигин арттырыў бағдарында алып барылып атырған илажларға тоқтап өтти. Бундай ашық пикирлесиў ҳәм көшпели қабыллаўлар республикамыздың ең узақ аймақларында хызмет ўазыйпасын атқарып атырған әскерий хызметкерлердиң шараятларын жақсылаў, күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды орынларда шешиў имканиятын бермекте.

-Өткерилген илаж әскерий хызметкерлерди турақ жай менен тәмийинлеў, олардың шаңарақ ағзаларын жумысқа орналастырыў, коммуналлық, кадастр  ҳәм сапалы медициналық хызмет көрсетиў сыяқлы шешимин күтип турған бир қатар машқалалардың бар екенлигин көрсетти,-дейди Нөкис әскерий прокурорының жәрдемшиси, әдиллик майоры Алишер Қурбанов. – Сонлықтанда алдағы ўақытлары бундай ашық пикирлесиў ҳәм көшпели қабыллаўларды тез-тез өткерип турыў режелестирилмекте.

Усы күни әскерий хызметкерлерден келип түскен 14 мүрәжат район ҳәкими, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы Коңырат районындағы Халық қабыллаўханасы, бир қатар кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкем, сондай-ақ әскерий бөлим басшылары тәрепинен ҳәр тәреплеме үйренип шығылып, олардың шешими қадағалаўға алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.