Өзбекстан мусылманлары басқармасы өз қурамындағы жоқары ҳәм орта арнаўлы ислам оқыў орынларына 2018-2019-оқыў жылы ушын қабыл етилди, деп жазады Kun.uz сайты.

Пайтахтымыз Нөкис қаласындағы Муҳаммед әл-Беруний атындағы орта арнаўлы ислам оқыў орнына 30 оқыўшы (ул балалар ушын) қабыл етилиўи режелестирилген.

Оқыў орнына «Орта арнаўлы ислам оқыў орынларына абитуриентлерди оқыўға қабыл етиў тәртиби ҳаққында»ғы Реже талапларына муўапық улыўмалық орта билимлендириўди (11-класс базасында) питкергени ҳаққындағы аттестат ямаса академиялық лицей, кәсип-өнер колледжиниң дипломына ийе болған Өзбекстан Республикасының пуқаралары таңлаў тийкарында қабыл етиледи.

Еслетип өтемиз, орта арнаўлы ислам оқыў орнына ҳүжжетлер 2018-жылдың 15-июнь сәнесинен 5-июльға шекем қабыл етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.