Өзбекстанда 1-июльдан баслап саўда объектлерине алкоголь өнимлерин билимлендириў, спорт ҳәм диний мәкемелерден 100 метрге шекемги аралықта сатыўға руқсат бериў усыныс етилмекте. Бул ҳаққында «Өзшарапсанаат» компаниясы тәрепинен ислеп шығылып, жәмийетлик додалаўға қойылған «Виношылық тараўын және де раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары жойбарында келтирилген, деп жазады Gazeta.uz сайты.

2012-жылдың апрель айында күшке кирген «Алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң тарқалыўы ҳәм пайдаланылыўын шеклеў ҳаққында»ғы нызамда билимлендириў, спорт ҳәм диний мәкемелерден 500 метрге шекемги аралықта алкоголь ҳәм темеки өнимлерин сатыў қадаған етилген еди. Нызамда алкоголь өнимлери саўдасы менен шуғылланатуғын саўда объектлерине көшиў ушын ярым жыллық мүддет берилген еди.

Қарар жойбарында 1-июльдан улыўмалық саўда майданы 100 квадрат метрден артық болған үлкен саўда орынлары ҳәм ярмаркалық саўда павильонларында алкоголь өнимлерин усақлап сатыўға руқсат бериў де усыныс етилген.

1-августтан алкоголь өнимлерин ислеп шығарыўшыларға фирма дүканлары ҳәм усы өнимлерди көтере және усақлап сатыў менен шуғылланатуғын басқа юридикалық шахслар саўда орынлары арқалы өз өнимлерин еркин түрде сатыўға руқсат берилиўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.