(Циндао қаласы, 2018-жыл 9-10-июнь).

2018-жыл 9-10-июнь күнлери Қытайдың Циндао қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилиси болып өтти.

Онда Ҳиндистан Республикасының Бас  министри Н.Моди, Қазақстан Республикасының Президенти Н.Назарбоев, Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпин, Қырғызстан Республикасының Президенти С.Жээнбеков, Пакистан Ислам Республикасының Президенти М.Ҳусайн, Россия Федерациясының Президенти В.Путин, Тәжикстан Республикасының Президенти И.Раҳмон ҳәм Өзбекстан Республикасының Президенти Ш.Мирзиёев қатнасты.

Мәжилиске Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпин басшылық етти.

Мәжилисте ШБШ Бас хаткери Р.Алимов ҳәм Регионаллық антитеррор дүзилмеси (РАТС) Атқарыў комитетиниң директоры Е.Сисоев қатнасты. Илажда Аўғанстан Ислам Республикасының Президенти А.Ғани, Беларусь Республикасының Президенти А.Лукашенко, Иран Ислам Республикасының Президенти Ҳ.Руҳоний, Монголия Президенти Х.Баттулга, сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер шөлкеми Бас хаткериниң биринши орынбасары А.Муҳаммад, Қубла-Шығыс Азия мәмлекетлери аўқамының Бас хаткери Лим Жок Хой, Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы атқарыўшы хаткери С.Лебедев, Коллектив қәўипсизлик шәртнамасы шөлкеминиң Бас хаткери Ю.Хачатуров, Азияда Бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңес Атқарыўшы директоры Гун Цзяньвэй, Евроазия экономикалық комиссиясының коллегия баслығы Т.Саркисян, Жәҳән банкиниң вице-президенти В.Квава, Халықаралық валюта қорының департаменти директоры Ли Чан Ён қатнасты.

Ағза мәмлекетлер басшылары 2017-жылғы Астана саммити жуўмақларының орынланыўын және дүнья сиясатында ҳәм экономикасында болып атырған процесслер тийкарында ШБШ ны буннан былайда раўажландырыўға байланыслы биринши гезектеги ўазыйпаларды көрип шықты. Тәреплердиң өз-ара келисилген позициясы қабыл етилген Циндао декларациясында өз мазмунын тапты.

Ағза мәмлекетлер ШБШ хартиясының мақсет ҳәм принциплерине әмел еткен және «Шанхай руўхы»на таянған ҳалда ШБШны 2025-жылға шекем мөлшерленген раўажландырыў стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды избе-из әмелге асырып атырғаны атап өтилди. Бүгинги күнде ШБШ теңи-тайы жоқ, абыройлы регионаллық бирлеспе сыпатында енгизилгени, шөлкемге Ҳиндстан ҳәм Пакистан ағза болғаннан соң оның потенциалы сезилерли дәрежеде артқаны атап өтилди.

Сиясат, қәўипсизлик, саўда ҳәм экономика, соның ишинде, қаржы, инвестиция, транспорт, энергетика, аўыл хожалығы тараўларында әмелий бирге ислесиўди, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеўди даўам еттириў бағдарындағы тилеклериниң уқсас екени билдирилди. ШБШ ға ағза мәмлекетлер арасында Узақ мүддетли жақсы қоңсышылық. дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнама қағыйдаларын әмелге асырыў бойынша 2018-2022-жылларға мөлшерленген Ҳәрекетлер режеси мақулланды.

Әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық машқалалар бойынша пикир алысыў шеңберинде ШБШ мәканында қәўипсизликти ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, сондай-ақ, жаңа мазмундағы халықаралық қатнасықларға ҳәм тәғдирлес болған инсаният жәмийетин жаратыўдың уқсас идеясын қәлиплестириўге көмеклесиў жолында бирге ислесиўдеги ис-ҳәрекетлерди жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ағза мәмлекетлер халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған норма ҳәм принциплери шеңберинде Аўғанстан, Сирия, Жақын Шығыс, Корея ярым атаўындағы ҳәм басқа да регионаллық келиспеўшиликлерди сапластырыўдың қатаң тәрепдары. Иран ядро бағдарламасы әтирапындағы жағдайды тәртипке салыў бойынша Қоспа жалпы ҳәрекетлер бағдарламасының избе-из орынланыўын тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Ағза мәмлекетлер БМШтың халықаралық тынышлықты ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша ис-ҳәрекетлерин қатаң қоллап-қуўатлайды. Олар БМШтың халықаралық терроризмге қарсы гүресиў бойынша кең қамтыўлы конвенциясы, сондай-ақ, Қазақстан Республикасының БМШ майданында Терроризмнен жырақ тынышлыққа ерисиў бойынша минез-қулық кодексин илгери сүриў басламасын қабыл етиў мәселесинде келисимге ерисиў зәрүрлигин атап өтти.

Ағза мәмлекетлердиң басшылары Қырғызстан Республикасы ҳәм Тәжикстан Республикасының БМШ Қәўипсизлик кеңесиниң турақлы емес ағзалығына өз номинацияларын илгери сүриў тилегин билдирди.

ШБШның қәўипсизликке қарата қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели гүресиў бойынша өз-ара муўапықласқан мүнәсибети өзгермес болып қалмақта. ШБШға ағза мәмлекетлер тәрепинен қабыл етилген Терроризм, сепаратизм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша 2019-2021-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы бул бойынша әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет етеди. Оны әмелге асырыўда ШБШ РАТС тийкарғы рольди атқарады.

Атап өтилген бағдарларда тәреплердиң өз-ара байланыслары ушын әҳмийетли платформа ўазыйпасын атқарған терроризмге ҳәм экстремизмге қарсы гүрес мәселелери бойынша Халықаралық конференцияның жуўмақлары (Душанбе қаласы, 2018-жыл 3-4-май) жоқары баҳаланды.

Ағза мәмлекетлердиң басшылары жас әўладты руўхый әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаў, жасларды бузғыншы ҳәрекетлерге тартыўдың алдын алыў бойынша комплексли жумысларды жолға қойыў тәрепдары. Сол мүнәсибет пенен Жасларға қоспа мүрәжат ҳәм оның қағыйдаларының орынланыўы бойынша Ҳәрекетлер бағдарламасы қабыл етилди, Өзбекстан Республикасының БМШ Бас ассамбелясының «Ағартыўшылық ҳәм диний кең пейиллик» арнаўлы резолюциясын қабыл етиў ҳаққындағы басламасы қоллап-қуўатланды.

Ағза мәмлекетлер буннан былай да ШБШ ның 2018-2023-жылларға мөлшерленген наркотиклерге қарсы стратегиясы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша Ҳәрекетлер бағдарламасы, сондай-ақ, наркотик қуралларды ҳәм психотроплық затларды пайдаланыўдың алдын алыў бойынша ШБШ Концепциясы тийкарында наркотиклердиң нызамсыз айланысына қарсы гүрес тараўындағы бирге ислесиўди даўам еттиреди.

ШБШ мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў, мәмлекетлердиң мәлимлеме мәканындағы жуўапкершилиги ҳәм өзин тутыўы менен байланыслы универсал халықаралық қағыйдалар, норма ҳәм принциплерди ислеп шығыў тараўындағы көп көлемли ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди қәлиплестириўге өз үлесин қосыўда даўам етеди.

ШБШға ағза мәмлекетлер турақлы раўажланыў тараўындағы Глобал мәселелерди әмелге асырыўда БМШ орайлық орын тутатуғынын мақуллайтуғыны атап өтилди. Ашық түрдеги жәҳән экономикасын қәлиплестириў мақсетинде тийкары Жәҳән саўда шөлкеми есапланған глобал экономикалық басқарыў, көп қырлы саўда системасын избе-из басқарыў ҳәм раўажландырыў архитектурасын жетилистириў зәрүрлиги атап өтилди. ШБШ саўда ҳәм инвестиция, саўда процесслерин әпиўайыластырыў бойынша ўазыйпаларды шешиў, электрон саўданы хошаметлеў, хызметлер индустриясы ҳәм хызметлерди сатыўды раўажландырыў бойынша қоспа қатнасларды белгилеў ушын қолайлы шараят жаратыўға умтылмақта. Микро, киши ҳәм орта исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, транспорт, энергетика ҳәм аўыл хожалығы тараўларындағы бирге ислесиўди раўажландырыў жолындағы ис-ҳәрекетлер даўам еттириледи.

Өзбекстанда ШБШға ағза мәмлекетлердиң темир жол бойынша ведомстволары басшыларының биринши ушырасыўын өткериў ҳаққындағы баслама қоллап-қуўатланды. Экология машқалаларына итибарды күшейтиў мақсетинде шөлкемге ағза мәмлекетлер Қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы бирге ислесиў концепциясын қабыл етти. ШБШға ағза мәмлекетлердиң азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы бирге ислесиўи бағдарламасы жойбары бойынша жумыслар даўам еттирилди.

Тәжикстан Республикасының «Суў-турақлы раўажланыў ушын, 2018-2028-жыллар» Халықаралық ҳәрекет он жыллығы ҳәм БМШ қәўендерлигинде усы темаға бағышланған жоқары дәрежедеги халықаралық конференцияны өткериў (Душанбе қаласы, 2018-жыл 20-22-июнь) ҳаққындағы басламасы жоқары баҳаланды.

Қазақстан Респбликасы, Қырғызстан Республикасы, Пакистан Ислам Республикасы, Россия Федерациясы, Тәжикстан Республикасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Қытай Халық Республикасының «Бир мәкан-бир жол» басламасын қоллап-қуўатлаўы тастыйықланды, оны биргеликте әмелге асырыў, соның ишинде, Евроазия экономикалық аўқамы ҳәм «Бир мәкан-бир жол» ды өз-ара муўапықластырыў бағдарындағы ис-ҳәрекетлер атап өтилди.

Ағза мәмлекетлердиң басшылары ШБШ мәканында кең, ашық-айдын, өз-ара пайдалы ҳәм тең ҳуқықлы шерикликти қәлиплестириў мақсетинде регион еллери, халықаралық шөлкемлер ҳәм ҳәр тәреплеме бирлеспелер потенциалынан пайдаланыў тәрепдарлары болып табылады.

ШБШ да Аймақлардың басшылары форумның шөлкемлестирилиўи аймақларалық бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет етеди. Форумның биринши мәжилисин 2018-жылы Челябинск қаласында (Россия Федерациясы) өткериў мөлшерленбекте.

ШБШ Исбилерменлер  кеңеси ҳәм ШБШ Банклераралық бирлеспеси потенциалын толық жүзеге шығарыў бағдарындағы ис-ҳәрекетлер даўам еттириледи.

Банк-қаржы тараўындағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў ҳәм ШБШ Раўажланыў банки ҳәм ШБШ Раўажланыў фонды (Арнаўлы есап) н шөлкемлестириў мәселеси бойынша улыўма қатнаслар излеўди даўам еттириўге байланыслы унамлы позиция тастыйықланды.Мәмлекет басшылары гуманитар бирге ислесиўдиң халықлар арсында өз-ара түсинисиў, исеним ҳәм дослықты беккемлеўдеги айрықша орнынг тастыйықлап, мәденият, билимлендириў, илим ҳәм теника, денсаўлықты сақлаў, туризм ҳәм спорт тараўларындағы көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыў тәрепдары екенин билдирди.

ШБШ бақлаўшы ҳәм диалог бойынша шерик еллери, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер менен көп тармақлы бирге ислесиўди раўажландырыўға умтылатуғыны атап өтилди.

Мәжилис жуўмағында Мәмлекет басшыларының саўда тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳаққындағы билдириўи ҳәм Мәмлекет басшыларының ШБШ мәканында эпидемия қәўиплерине қарсы биргеликте гүресиў ҳаққындағы билдириўи де қабыл етилди. 2019-2020-жылларда ШБШ ға ағза мәмлекетлердиң туризм тараўындағы бирге ислесиўи бағдарламасын әмелге асырыў бойынша Биргеликтеги ҳәрекетлер режесине, ШБШ шеңберинде микро, киши ҳәм орта исбилерменликти раўажландырыў тараўындағы бирге ислсесиўди раўажландырыў бойынша өз-ара түсинисиў меморандумына, Күни-түни ислейтуғын байланыс шақапшаларының  CENcomm RILO-МОСКВА оператив платформа каналларынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылатуғын өз-ара бирге ислесиў регламентине, Озонды жемириўши затлардың ҳәм қәўипли шығындылардың трансшегаралық ҳәрекети күшейиўи ҳаққында мәлимлеме алмасыў ҳаққындағы меморандумына қол қойылды.

ШБШ Бас хаткериниң ШБШның өткен жылғы жумысы және Регионаллық антитеррор структурасы Кеңеси директорының 2017-жылғы жумысы ҳаққындағы есаплары тыңланды ҳәм тастыйықланды.

ШБШға ағза Мәмлекетлердиң басшылары кеңеси В.И.Норовты (Өзбекстан Республикасы) ШБШ Бас хаткери лаўазымына ҳәм Ж.Ф. Ғиёсовты (Тәжикстан Республикасы) РАТС Атқарыў комитети директоры лаўазымына 2019-жыл 1-январьдан 2021-жыл 31-декабрьге шекемги болған дәўирге тайынлады.

Астана саммитинен (2017-жыл 8-9-июнь) кейинги дәўирде Ҳүкиметлер басшылары (Бас министрлер) мәжилиси (Сочи қаласы, 2017-жыл 30-ноябрь-1-декабрь), қәўипсизлик кеңеслери хаткерлериниң ушырасыўы (Пекин қаласы, 2018-жыл 21-22-май), сыртқы ислер министрлери кеңесиниң гезексиз ҳәм гезектеги мәжилислери (Нью-Йорк қаласы, 2017-жыл 20-сентябрь, Пекин қаласы, 2018-жыл 24-апрель), миллий координаторлар кеңесиниң мәжилислери (Янчжоу қаласы, Москва, Пекин, 2017-жыл август-2018-жыл июнь), Регионаллық антитеррор дүзилмеси Кеңеси мәжилислери (Пекин 2017-жыл 17-сентябрь, Ташкент 2018-жыл 5-апрель), ўәкилликли уйымлар шегара хызметлери басшыларының мәжилиси ( Далянь қаласы, 2017-жыл 29-июнь), айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў мәселелери менен шуғылланатуғын ведомстволар басшыларының мәжилиси (Чулпон ота қаласы, 2017-жыл 24-25-август), әдиллик министрлериниң мәжилиси (Ташкент, 2017-жыл 20-октябрь), Жоқары судлар баслықларының мәжилислери (Ташкент, 2017-жыл 25-27-октябрь, Пекин, 2018-жыл 25-май), санитариялық-эпидемиологиялық абаданлықты тәмийинелеў ушын жуўаплы хызметлер басшыларының мәжилиси (Сочи, 2017-жыл 31-октябрь), сыртқы экономикалық ҳәм сыртқы саўда жумысы ушын жуўапкер министрлердиң мәжилиси (Москва, 2017-жыл 15-ноябрь), бас прокурорлардың мәжилиси(Санкт-Петербург, 2017-жыл 29-ноябрь), илим ҳәм техника министрликлери менен ведомстволары басшыларының мәжилиси (Москва, 2018-жыл 18-21-апрель), ШБШ Форумы(Астана, 2018-жыл 4-5-май), Миллий туризм ҳәкимшиликлериниң басшылары (Ухань қаласы, 2018-жыл 7-11-май), қорғаныў министрлери (Пекин, 2018-жыл 24-апрель), мәденият министрлери (Санья қаласы, 2018-жыл 15-май), наркотиклерге қарсы гүресиў ўәкиллигине ийе ўәкилликли уйымлардың басшылары (Тяньзинь қаласы, 2018-жыл 17-май) ушырасыўлары, ШБШ Ҳаял-қызлар форумы (Пекин, 2018-жыл 15-17-май), ШБШ ҒХҚ форумы (Пекин, 2018-жыл 1-июнь), ШБШ Исбилерменлер кеңеси басқарыўы (Пекин, 2018-жыл 6-июнь) ҳәм ШБШ Банклераралық бирлеспесиниң Кеңеси (Пекин, 2018-жыл 5-7-июнь) мәжилислери, сондай-ақ, ҳәр қыйлы дәрежедеги басқа да илажлар өткерилди.

Мәмлекет басшылары Қытай Халық Республикасы тәрепинен ШБШ ға басшылық етиў дәўиринде әмелге асырылған жумысларға жоқары баҳа берди ҳәм Қытай тәрепине миймандослық ҳәм Циндао қаласындағы саммиттиң жоқары дәрежеде  шөлкемлестирилгени ушын миннетдаршылық билдирди.

Шөлкемниң гезектеги дәўирине басшылық етиў Қырғызстан Республикасына өтти. ШБШ Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилиси 2019-жылы Қырғызстан Республикасында болып өтеди.