Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 2018-2019-оқыў жылы ушын бакалавиатура басқышына студентлерди қабыл етиў квотасы тастыйықланды.

Бакалавиатура бағдары бойынша келеси оқыў жылынан баслап жаңадан 5610300 – Туризм (хызмет бағдарлары бойынша) бағдары ашылды.

Жаңа бағдар бойынша жәми 40 студент қабыл етиў режелестирилген болып, 10 мәмлекетлик грант (соның ишинде 3 өзбек тили, 2 рус тили, 5 қарақалпақ тили топарлары ушын), 30 төлемли-контракт (соның ишинде 7 өзбек тили, 8 рус тили, 15 қарақалпақ тили топарлары ушын) тийкарында студентлер қабылланады.

Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлер қабыллаў квотасындағы жаңалықлар ҳаққында кейинги материалларымызда да таныстырып барамыз. Бизди бақлап барың.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.