Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде бюджетке қосымша дәрамат түсириў дәреклерин анықлаў, оны түсириў ҳәм инфляцияның алдын алыўға бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары районлық, (қалалық) Кеңеслериниң депутатлары, министрликлер ҳәм ведомостволардың басшылары, қала ҳәм район ҳәкимлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов басқарып барды.

Илажда Есап-санақ палатасы баслығының биринши орынбасары О.Рустамов шығып сөйлеп, Қарақалпақстан Республикасында бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар, жол қойылып атырған айырым кемшиликлер ҳәм алда турған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 29-май ҳәм 5-июнь күнлери экспорт-импорт, аймақларда жергиликли бюджетке қосымша түсимлерди тәмийинлеў ҳәм өним ислеп шығарыў көлемин көбейтиў арқалы баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў ҳәм инфляцияның алдын алыўда жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, салық ҳәм қаржы мәкемелери басшыларының жеке жуўапкершилигин арттырыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилислеринде  бул бойынша анық тапсырмаларды белгилеп берди. Бунда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 7-июньде қабыл етилген «Жергиликли бюджетлерди қәлиплестириўде орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкилликлерин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы аймақларды комплексли раўажландырыў бағдарламаларын турақлы қаржыландырыў ҳәм сол тийкарда халықтың реал дәраматларын, турмыс дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў имканиятын бермекте.

Бюджетке қосымша дәрамат түсириў дәреклерин анықлаў, оны өндириў бойынша  штаб қурамы тастыйықланып, 7 бағдар бойынша қалалық ҳәм районлық жумысшы топарлар дүзилди. Видеоселектор мәжилисинде республикамызда быйылғы жылы  бюджетке жәми 689 миллиард сум қосымша дәрамат түсириў белгиленген болса, бүгинги күнге бюджетке жәми 1 триллион 19 миллиард сумлық түсим, соннан биринши ярым жыллыққа  белгиленген бюджет прогнозына қосымша 218 миллиард сумлық түсим түсириўге ерисилди. Әлбетте, бюджетке қосымша түсимлерди көбейтиў ҳәм инфляцияның алдын алыў экономикамыздың буннан да беккемлениўине, халқымыздың турмысының абаданлығын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Өзбекстан Республикасы Экономика министрлигиниң басқарма баслығы Н.Ерлепесов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Г.Аннақлышева, Өзбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлими баслығы, академик Н.Айымбетов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты А.Маткаримова, Беруний районының ҳәкими А. Сапарбаев шығып сөйлеп, өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Мәжилисте бюджетке қосымша дәрамат түсириў дәреклерин анықлаў, оны түсириў ҳәм инфляцияның алдын алыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.