9-июнь күни Төрткүл районындағы «Лочин» балалар жазғы дем алыў орайында «Жаз-2018» атамасында илаж өткерилди.

Оған район ҳәкимлиги, районлық кәсиплик аўқамы, Өзбекстан Жаслар аўқамының районлық кеңеси, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы районлық бөлими, районлық халық билимлендириў бөлиминен бир топар басшылар қатнасып,  орайға спорт инвентарьларын  саўға етти.

Орай китапханасына  Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиң баслығы Ж.Сеттиев тәрепинен қарақалпақ ҳәм өзбек тиллеринде баспадан шыққан китаплар саўға етилди.

Илаж қатнасыўшыларына «Биз бахытлы балалармыз» атамасында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Мағлыўмат орнында айтып өтетуғын болсақ, бүгинги күнде бул балалар жазғы дем алыў орайына 160 бала қабыл етилип, олар  кеўилли дем алмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги