Бурын хабар етилигениндей, усы жыл 89-июнь күнлери Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде  спорттың волейбол түри бойынша 20042005-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионатының III тур жуўмақлаўшы басқышы өткерилди.

Жарыс халықаралық волейбол федерациясының қағыйдаларына муўапық алып барылып, айланба усылда өткерилди.

Жарысқа I-II   турларда жеңимпаз болған 6 команда, жәми, 70 тен аслам спортшы қатнасты.

Жарыс жуўмағында Нөкис олимпиада резервлери колледжиниң командасы биринши, Нөкис қаласындағы республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң командасы екинши,  Қараөзек районының волейболшы спортшылары үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги