6-июнь күни  пайтахтымыздағы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин  арттырыў аймақлық орайында  «Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде жаңа заманагөй инновациялық тәлим-тәрбия» атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы өткерилди.

Илажға Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминен, институттың педагогика ҳәм психология кафедрасының профессор оқытыўшылары, орайдың қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин  арттырыў бөлиминиң  тыңлаўшылары қатнасты.

Илажда тийкарынан бүгинги күнде билимлендириў мәкемелериндеги айырым кемшиликлер ҳәм олардың шешими, педагог-тәрбияшылардың билим тәжирийбеси, олардың жаңа заманагөй инновациялық тәлим-тәрбиядан хабардарлығы мәселелерине  кең түрде тоқтап өтти. Сондай-ақ, мәкемелердеги имканияты шекленген балалар менен ислесиў бойынша тараў қәнигелерине илимпазлар тәрепинен пикир-усыныслар билдирилди.

Илаж қатнасыўшыларына пединституттың мектепке шекемги билимлендириў бағдарының талантлы жаслары тәрепинен таярланған, усы тараўда итибардан шетте қалып атырған машқалаларды сәўлелендиретуғын сахналық көринислер қойып берилди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы