Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары  кеңесиниң он сегизинши мәжилисине қатнасыў ушын 8 -июнь күни Қытай Халық Республикасының Циндао қаласына келди.

«Лютин» халықаралық аэропортында Өзбекстан басшысын Қытай ҳүкимети ўәкиллери күтип алды.

Саммиттиң тийкарғы илажлары 9-10-июнь күнлерине белгиленген.

Быйылғы Саммиттиң өзине тән тәрепи сонда, ол биринши мәрте «сегизлик» форматында болып өтеди, яғный бул сапары Мәмлекет басшылары  кеңеси мәжилисинде Ҳиндстан Бас министри Нарендра Моди ҳәм Пакистан Президенти Мамнун Хусайн тең ҳуқықлы ағзасы болған мәмлекет басшылары сыпатында қатнасады.

Мәлим болғанындай, ғ0әү-жылғы Ташкент саммитинде Ҳиндстан ҳәм Пакистанның ШБШға ағза мәмлекет статусын алыў жолындағы миннетлемелери ҳаққында меморандумларға қол қойылған ҳәм олар ушын шөлкемге жол ашылған еди. Жуўмағында, өткен жылы Астанада бул еки мәмлекет Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң тең ҳуқықлы ағзаларына айланды.

Циндаода шөлкемге ағза мәмлекет басшылары алдын тар шеңберде, кейин бақлаўшы статусындағы мәмлекетлер ўәкиллери менен биргеликте кеңейтилген қурамда сөйлесиўлер өткереди. Ушырасыўларда шөлкемниң жумысын буннан былай да жетилистириў, сиясат, қәўипсизлик, саўда, экономика, жоқары технологиялар ҳәм инновациялар, инвестиция, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.

Саммиттиң жуўмағында мәмлекет басшыларының Циндао декларациясын қабыл етиў режелестирилмекте. Сондай-ақ, терроризимге, сепаратизмге ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў, узақ мүддетли жақын қоңсышылық, дослық ҳәм бирге ислесиўге байланыслы ҳүжжетлерге, жасларға қоспа мүрәжатқа қол қойылыў нәзерде тутылған. Буннан тысқары, ағза мәмлекетлерди түрли тараўлардағы бирге ислесиўин раўажландырыўға байланыслы бир қатар басқа да ҳүжжетлерди қабыл етиў белгиленген.

Мәмлекет басшылары гезектеги мүддетте ШБШға басшылық ететуғын мәмлекет ҳаққында қарар қабыл етти, ШБШ бас хаткери ҳәм Регионаллық терроризмге қарсы структурасы Атқарыў комитети директор лаўазымларына талабанлар тастыйықланды.

ШБШ саммити шеңберинде Өзбекстан Президенти бир қатар мәмлекет басшылары менен ушырасыўлар менен сөйлесиўлер өткериўи режелестирилмекте.

ӨзА