Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасында қурылыс материалларын ислеп шығарыўдың көлемин кеңейтиў ҳәм баҳаларды турақластырыў бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Онда тийкарғы итибар Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2018-жыл 5-июнь күни өткерилген видеоселектор мәжилиси протоколының орынланыўын тәмийинлеўге байланыслы илажлар көриўге қаратылды.

Бас прокурор О.Мурадов басқарған мәжилисте атап өтилгениндей, мәмлекетимиз басшысы орынлы түрде сынға алғанындай, қурылыс материалларының баҳасы тийкарсыз рәўиште артып бармақта ҳәм қурылыс материалларына болған ҳақыйқый талап анық емес.

Мәжилисте заманагөй Tashkent ҳәм Samarqand city, Нурафшан қаласы, Ташкент халықаралық аэропорты, Ташкент айланба жолы, Юнусобод метро линиясы, Ташкент ҳәм басқа да қалалардағы онлаған көпирлер, үлги жойбардағы турақ жайлар, атап айтқанда хызмет үйлери, кем тәмийинленген шаңарақлар ушын турақ жайлардың қурылысын есапқа ала отырып, қурылыс материалларын ислеп шығарыў көлемин ҳәм баҳаларын турақластырыў мәселесиниң зәрүрлиги ҳәм стратегиялық әҳмийетлилиги атап өтилди.

Усы ҳәм басқа да қурылыс объектлериниң қурылыўы үлкен көлемдеги қурылыс материаллары ислеп шығарылыўын ҳәм ишки базарда болыўын талап етеди. Бирақ кейинги ўақытта қурылыс материалларына болған талаптың кескин артыўы, жергиликли ислеп шығарыўшылар тәрепинен өндирис қуўатларынан толық пайдаланылмай атырғаны, қурылыс материалларын ислеп шығарыўда зәрүр болған газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң көбейгени және бир қатар басқа да себеплер қурылыс базарында баҳалардың өсимине алып келди.

Мысалы, республика бойынша усы жылдың май айында қурылыс материалларының баҳалары 2017-жыл декабрь айына салыстырғанда улыўмалық есапта 15,6 процентке, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда болса 26,3 процентке артқан.

Бүгинги күнде республикада жумыс алып барып атырған қурылыс материалларын ислеп шығаратуғын 7 мың 316 исбилерменлик субъектиниң 5  мың 145 си, яғный 70 проценти бар өндирислик қуўатлардан толық пайдаланбай атыр.

Мәжилисте қурылыс материалларының ишки базарында жүзеге келген унамсыз жағдайларға себеп болған айырым кемшиликлерге жол қойылғаны сынға алынып, тийисли мәмлекетлик уйымлардың, ведомстволар ҳәм шөлкемлер басшыларының түсиник бериўлери тыңланды.

Бас прокуратура, Министрлер Кабинетиниң жуўаплы хызметкерлери, тийисли министрликлер менен ведомстволардың басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары, Ташкент қаласы, ўәлаят ҳәкимлериниң орынбасарлары, ўәлаят прокурорлары ҳәм департаменттиң ўәлаятлық басқармаларының басшы хызметкерлери қатнасқан мәжилис жуўмағында зәрүр илажлар белгиленди. Соның ишинде, елимизде қурылыс материалларын ислеп шығарыўдың көлемин арттырыў ҳәм қурылыс материалларының ең әҳмийетли түрлерине (цемент, пискен гербиш, айна, тахтай-ағаш, металопрокат ҳәм басқалар) болған баҳаларды турақластырыў, қурылыс материалларының баҳалары өсиўине алып келген шараятларды сапластырыўға қаратылған анық илажлар көрилетуғын болды.

Н.АБДУРАИМОВА,ӨзАның хабаршысы