Пайтахтымыздағы «International Hotel Tashkent» мийманханасында «Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў бойынша бирге ислесиўдеги ҳәрекетлер: жаңаша қатнаслар, инновациялық шешимлер ҳәм инвестициялар» темасында халықаралық әнжуман болып өтти.

Илаж Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Илимлер академиясының тийкарғы шөлкемлестириўиндеги және Аралды қутқарыў халықаралық қоры, Орайлық Азия регионаллық экологиялық орайы, БМШ Раўажланыў бағдарламасы, ЮНЕСКО, Жәҳән банки ҳәм Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийетиниң (GIZ) Өзбекстандағы ўәкилханалары, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң елимиздеги жойбарларының координаторы (ЕҚБШ), Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Илим ҳәм технологиялар  тараўында бирге ислесиў бойынша Турақлы комитети, «Өзбекстан реңли металл бөлеклерин, шығындыларды таярлаў ҳәм қайта ислеў заводы» акционерлик жәмийети, Мәмлекетлераралық суў хожалығын муўапықластырыў комиссиясының илимий-мәлимлеме орайы ҳәм басқа да бир қатар халықаралық ҳәм жергиликли шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Онда Орайлық Азия еллери парламентлериниң депутатлары, министрликлер ҳәм ведомстволардың басшылары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жуўаплы хызметкерлери, өзбекстанлы ҳәм сырт елли қәнигелер, эксперт-илимпазлар, Аралбойындағы экологиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған жойбарларға инвестиция киргизиўден мәпдар болған сырт ел компаниялары, халықаралық шөлкемлер, жетекши қаржы институтларының ўәкиллери, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң хызметкерлери қатнасты.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Борий Алихонов, Орайлық Азия регионаллық экология орайының атқарыўшы директоры Искандар Абдуллаев, БМШ Бас хаткериниң арнаўлы кеңесгөйи Юкио Такасу, Жәҳән суў кеңесиниң президенти Бенедито Брага, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң елимиздеги жойбарларының координаторы Жон Макгрегор ҳәм басқалар Аралбойындағы экологиялық жағдайды турақластырыў бойынша бирге ислесиўдеги системалы илажлар ушын ири инвестициялар ҳәм жаңа техникалық және инновациялық шешимлерди әмелиятқа енгизиў бүгинниң әҳмийетли мәселесине айланып атырғанын атап өтти.

Арал машқаласын дүнья жәмийетшилиги  әлле қашан әҳмийетли машқалалардың бири сыпатында тән алған. Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев 19-сентябрь күни БМШ Бас ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде дүнья жәмийетшилиги итибарын Арал апатшылығына қаратқан еди. Бүгинги күнде бул экологиялық кризистиң ақыбетлерин сапластырыўға қаратылған ҳәрекетлерди бирлестириў Өзбекстанның сыртқы сиясатындағы әҳмийетли бағдарлардан бири етип белгиленген.

– Елимизде Арал апатшылығының Аралбойы халқының денсаўлығына ҳәм қоршаған орталыққа унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша әҳмийетли жумыслар әмелге асырылып келинбекте, – деди Өзбекстан тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниң басқарма баслығы Ҳ. Толипов. – Машқала көлеми  регион экосистемаларын тиклеўге ҳәм турақлы раўажланыўға ерисиўге қаратылған ис-ҳәрекетлерге кең жәмийетшиилктиң итибарын тартыўды талап етеди. Аралбойындағы экологиялық орталықты турақластырыўдың ең қолайлы ҳәм арзан усылы – бул тоғайзарлар жаратыў. Теңиздиң қурғаған бөлеги  5,5 миллион гектар болса, соннан 3,5 миллионы бизиң аймағымызға туўра келеди. Оның 2 миллион гектарын тоғайзарға айландырыўға ериссек, жағдай бир қанша жақсыланады. Оның ушын болса ҳәр жылы 100 мың гектар жерди тоғайға айландырыў илажын көриў зәрүр. Егер сол тәризде жедел ҳәрекет етип, теңиздиң қуўраған бөлеги жасыллыққа бөленсе, 15-20 жыл арасында бул машқалының қәўпин сапластырыўға ерисиўимиз мүмкин. Өткерилип атырған әнжуман усы жағынан әмелий қунға ийе, онда билдирилген усыныслар, идеялар ҳәм инвестициялар Аралбойы аймағының ықлымын турақластырыўға қаратылғанында болып табылады.

Әнжуман шеңберинде өткерилген мәжилислерде Аралды қутқарыў халықаралық қорының жумысы ҳәм Арал теңизи бассейни машқалалары бойынша жаңа ҳәрекетлер бағдарламасы, Орайлық Азияның трансшегаралық дәрьяларының суў ресурсларынан пайдаланыў бойынша регион мәмлекетлериниң бирге ислесиўин жақсылаў, Аралбойы аймағын экономикалық-социаллық раўажландырыў ҳәм БМШ қәўендерлигинде усы жердеги халықтың қәўипсизлиги бойынша арнаўлы қор шөлкемлестириў, Арал теңизиниң қурыған түбинде тоғай-мелиорация жумысларын жеделлестириў сыяқлы мәселелер додаланды.

-Арал бойындағы экологиялық орталықты жақсылаў ушын шөлкемимиз 2014-жылы 10 миллион доллар қаржы ажыратқан, – деди Түркия бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлигиниң (ТИКА) Өзбекстандағы ўәкилханасы басшысы Али Ихсан Чағлар. – Быйылғы режелеримиз де үлкен. Жылына 3 мың гектар майданға сексеўил егиў усынысын алға қойғанбыз. Бүгинги әнжуманда билдирилген пикир-усыныслар Аралбойы экологиясын жақсылаў ҳәм халқына қолайлықлар жаратыўға хызмет етеди, деп үмит етемен.

Әнжуманда Аралбойы регионының экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаўға бағдарланған жойбарлардың топламы мақулланды. Илаж шеңберинде Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети менен БМШ Раўажланыў бағдарламасының елимиздеги ўәкилханасы арасында теңиздиң қурыған түбинде тоғай жаратыўды муўапықластырыў және Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети менен Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Илим ҳәм технологиялар тараўында бирге ислесиў бойынша турақлы комитети арасында қоршаған орталықты қорғаў тараўында бирге ислесиўге байланыслы меморандумларға қол қойылды.

Әнжуман шеңберинде қатнасыўшылар Аралбойында болып, жағдай менен тиккелей танысты.

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзАның хабаршысы