Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы тергеў басқармасында тергеў процесслерин стенография етиў, видеобақлаў, сондай-ақ, тергеў ҳәрекетлерин аудио ҳәм видео түринде жазып алыў системалары менен үскенеленген комплекс шөлкемлестирилди. Бул хаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң баспасөз хызмети хабар бермекте.

 

 

Комплекс арнаўлы тергеў бөлмеси, жас өспиримлерди тергеў бөлмеси ҳәм оператор бөлмесинен ибарат.

 

 

Бул арнаўлы тергеў бөлмелери қурылысында жәбирлениўши ҳәм гүўаларды  айыпкер менен жүзлестириўге әмел етилетуғын халықаралық нормалар есапқа алынған. Бунда гүман етилиўши шахс өзине көрсетпе берип атырған жәбирлениўши менен жүзбе-жүз көриспейди, ал бөлек бөлмеде орнатылған монитор арқалы оларды көреди. Гүўа ямаса жәбирлениўши гүман етилип атырған шахсты көрмейди. Себеби, жынаятқа байланысы бар шахсты көрген жәбирлениўши руўхый соққы алыўы мүмкин. Бул болса тергеў процесин қыйынластыратуғын жағдайлардан бири болып есапланады. Соның ушын Комплексте бақлаў камералары орнатылған, көринисти керекли бөлмеде мониторға жеткериў менен болса операторлар шуғылланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги