Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры Қуўанышбай Келимбетович Оразымбетов лаўазымынан азат етилди. Бул ҳаққында Kun.uz сайты хабар бермекте.

Хабарда жазылыўынша, Өзбекстан Республикасы бас министри Абдулла Арипов Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарына қол қойған.

Филология илимлериниң докторы, профессор Қуўанышбай Оразымбетов 2016-жылдың 26-августынан берли институтқа ректорлық етип киятырған еди.

Еслетип өтемиз, март айының басында Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен белгиленген квотадан артық абитуриентти оқыўға қабыл еткен Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының басшыларына жынаят иси қозғатылған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги