Сырдәрья ўәлаяты  Гүлистан қаласында Орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў мәкемелери оқыўшылары арасында «Жас өрт өшириўши» спорт жарысының Өзбекстан Республикасы басқышы болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы басқышында жеңимпаз болған Хожели Байланыс кәсип-өнер колледжи командасы мүнәсип қатнасып келди. Бул ҳаққында ҚР ИИМ Өрт қәўипсизлиги басқармасы хабар бермекте.

Өрт өшириў эстафетасы, 100 метрге тосықлар асып жуўырыў, ийелеп алыў, зәңгиде оқыў имаратының 2-қабатына көтерилиў сыяқлы сынақлардан ибарат болып улыўмалық есапта 2-орынды ийеледи. Жеңимпазлар Денетәрбия ҳәм спорт, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, Халық билимлендириў министрликлери және Жаслар аўқамы тәрепинен диплом, медаль ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

– Бундай жарыслар жаслардың билимлерин ҳәр тәреплеме байытыўда, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларынан хабардарлығын арттырыўда, өрт болған ўақытта адамлар қандай ҳәрекетлер ҳәм ис-илажлар ислеў зәрүрлиги ҳаққындағы билимлерин жетилистириўде айрықша әҳмийетке ийе, – дейди ҚР ИИМ Өрт қәўипсизлиги басқармасы бөлим баслығы Жамалатдин Яхшибаев. – Хожелиши жасларымыз жарыста өзлериниң епшиллиги менен де көзге түсти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги