Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң басшылығында 2018-жыл 29-май күни өткерилген видеоселектор мəжилисинде белгилеп берилген тапсырмалар, соның ишинде, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, пахта ҳәм бийдай егинлеринен жоқары зүрәәт алыў, халықтың азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған илажларда 4 сектор басшыларының жуўапкершилигин арттырыў, аўыл хожалығы егинлерин, соның ишинде ғаўаша майданларын өз ўақтында суўғарыўды шөлкемлестириў, бийдайдан босаған майданларға суў аз талап ететуғын егинлерди жайластырыў, суў ресурсларынан мақсетли пайдаланыў мәселелери додаланып, ўазыйпалар белгиленди. Бул бағдардағы нызамшылық ҳүжжетлери, бағдарламалар ҳәм тийисли илажлардың орынланыўын тәмийинлеўдеги нызам бузыўшылықлар ушын жуўапкершилик шараларын көриў қатаң белгиленди.  Себеби, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде, халықтың абадан турмыс дәрежесин көтериўде, елимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде суў ресурслары – тийкарғы факторлардың бири болып табылады.

Мине усы белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша болып өткен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз жигирма биринши сессиясында елимиздиң экономикасын турақлы раўажландырыў, соның ишинде аўыл хожалығы тараўында кешиктирип болмайтуғын мәселелер,  суўдан мақсетли пайдаланыўды қатаң қадағалаўға алыў, суўды үнемлейтуғын заманагөй технологияларды енгизиў мәселелери көрип шығылған еди. Болып өткен видеоселектор мәжилисинде суўдың жетиспеўшилиги күтилип атырған быйылғы жылдың шараятында ғәлледен босаған майданларға егилетуғын тәкирарый егин майданларының көлемин 10 мың гектарға қысқартыў, олардың орнына суўды аз талап ететуғын мәш, лобия ҳәм басқа да азықлық егинлерди егиў, «ғаўашадан кепилленген зүрәәт топлаў» бир айлығын жәриялаў белгилеп алынды.

Быйылғы жылы жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаўға жәми 81 миллиард 53 миллион сум қаржы ажыратылмақта. Усы тийкарда қабыл етилген бағдарлама тийкарында коллекторларда қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары ушын 22  миллиард 192 миллион сум, тиклеў және оңлаў жумысларын алып барыў ушын 26 миллиард 635 миллион сум,  каналларда қурылыс ҳәм реконструкция жумысларына 32 миллиард 226 миллион сум қаржы ажыратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң  усы жыл 17-апрельдеги «Аўыл ҳәм суў хожалығы тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында суў хожалығының өз алдына министрлик болып шөлкемлестирилиўи, тараўдың ҳақыйқый жағдайын  және раўажланыў перспективаларын терең үйрениў, оларды стратегиялық раўажландырыў  сиясаты бойынша тәсиршең жумысларды жолға қойыў, басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ўазыйпасын белгилеп берди.  Бул өз гезегинде  бир нешше жыллар даўамында тараўда пайдаланылмай атырған имканиятларды иске қосыўда, суў ресурсларынан мақсетли пайдаланыўда айрықша әҳмийетке ийе.

Сессияда шығып сөйлеўшилер аўыл хожалығы егинлерин, соның ишинде ғаўаша майданларын суўғарыўды шөлкемлестириў, ғәлледен босаған майданларға суўды аз талап ететуғын егинлерди жайластырыў, суўдан үнемли пайдаланыў бойынша әмелге асыралатуғын илажларға тоқтап өтти.

Бул әҳмийетли мәселе халық депутатлары районлық Кеңеслериниң гезексиз сессияларының күн тәртибинде көрип шығылып, оларда аўыл хожалығында суўдан үнемли пайдаланыў, суў тамтарыслығы ақыбетлерин жумсартыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы белгилеп алынып, «жол картасы» ислеп шығылды. Егинлерди суўғарыў дәўиринде суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде 134 орында суўғарыў штабы, олардың қурамында 197 суўғарыў отряды дүзилди. Оларға фермер хожалықларынан 17134 суўшы, суў хожалығының 1554 қәнигеси, суўдан пайдаланыўшылар бирлеспесиниң 171 хызметкери бириктирилди. Быйылғы жылда фермер хожалықлары тәрепинен бийдай ҳәм пахта жетистириў бойынша дүзилген контрактация шәртнамаларында нәзерде тутылған көлемлерде өним жеткерип берилиўин тәмийинлеў, фермер хожалықлары жумысларына ҳәр тәреплеме қолайлы шараятлар жаратып бериў менен бир қатарда, олардың жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў илажлары көрилмекте. Бийдай орым-жыйыны мапазын сапалы етип өткериў ҳәм оны қысқа мүддетлерде жуўмақлаў ушын талап етилетуғын материаллық ресурслардың өз ўақтында үзликсиз жеткерилиўин, дән қабыллаў кәрханаларында өртке қарсы профилактикалық илажлардың алып барылыўын тәмийинлеў, сондай-ақ фермер хожалықлары тәрепинен аўыл хожалық техникаларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша турақлы мониторинг жумысларын алып барыў тапсырылды. Бунда республиканың ҳаўа-райы, экологиялық ҳәм ықлым шараятларын есапқа алған ҳалда агротехникалық илажларды алдыңғы заманагөй усылда алып барыў технологияларын аўыл хожалығы өндирисине кеңнен енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта.

Барлық районларда депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаў жумысшы топарлары дүзилип,  Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәм Сенат ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары халық арасында суўдан нәтийжели пайдаланыўдың әҳмийети, суў тамтарыслығы ақыбетлерин жумсартыў бойынша илажларды талап дәрежесинде шөлкемлестириў, басқа да машқалалы мәселелер бойынша халық пенен пикирлесиў тийкарында үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Онда биринши гезекте, суў тәмийнаты аўыр болған аймақларда суўғарыўды қатаң белгиленген график тийкарында шербет усылында шөлкемлестириў үгит-нәсиятланып, өз гезегинде суўдан нызамсыз пайдаланған ҳәр бир пуқараға, фермер хожалықлары басшыларына шара көрилетуғынлығы ескертилмекте. Депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаў жумысшы топары ағзалары, районлық Кеңес депутатлары суўғарылатуғын майданлардың ҳәр бир контурына жуўапкер етип бириктирилип,  өзине бириктирилген орынларда әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелери ҳаққындағы анық талланған ҳәм статистикалық мағлыўматларды ҳәр күни республикалық штабқа жетикерип бермекте.

Аўыл хожалығы егинлерин суўғарыў жумысларын шөлкемлестириў ҳәм суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша барлық районларда семинар-кеңеслер шөлкемлестирилип,  Президентимиз тәрепинен селектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, суў ресурсларынан мақсетли пайдаланыўдың барлық илажлары көрилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.