Ташкент қаласында «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм турақлы раўажланыў бойынша бирге ислесиўди беккемлеў» темасында өткерилген үш күнлик Орайлық Азия халықаралық экология форумы өз жумысын жуўмақлады.

Әнжуманның жабылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Б.Қўчқаров, Орайлық Азия регионаллық экология орайының атқарыўшы директоры И.Абдуллаев, Тәжикстан Республикасы Қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Х.Ибодзада, Қазақстан Республикасы Энергетика министрлиги экологиялық тәртипке салыў ҳәм қадағалаў комитети баслығының орынбасары З.Жолдасов, Қырғызстан Республикасы Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тоғай хожалығы мәмлекетлик агентлиги директорының орынбасары А.Риспеков ҳәм басқалар өткерилген халықаралық форум қоршаған орталықты қорғаў бойынша анық жойбарларды белгилеп алыў, суў ресурсларынан үнемли ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў, тәбийғый биоҳәртүрлиликти сақлаў, ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясын қәстерлеп сақлаўда зәрүр илажларды әмелге асырыўда Орайлық Азия мәмлекетлериниң мәплерин бирлестириўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Форум шеңберинде қорғалатуғын тәбийғый аймақлар системасын раўажландырыў, қатты турмыслық шығындыларды комплексли басқарыў, қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыў, суў, энергетика ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелерине бағышланған сессиялар өткерилди. Сондай-ақ, «Орайлық Азияда суў, билимлендириў ҳәм бирге ислесиў» жойбары тийкарында Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия жумысшы топарларының мәжилислери болып өтти.

– Халықаралық форумда қызғын пикир алысыўлар болды, – деди Аўғанстан Ислам Республикасы Қоршаған орталықты қорғаў миллий агентлигиниң бас директоры Шоҳ Замон Майванди. – Форум биз ушын мазмунлы ҳәм пайдалы болды. Қоршаған орталықты қорғаў бойынша Өзбекстан ҳәм Тәжикстан менен бирге ислесиўге келисип алдық. Соны да атап өтиўим керек, қоршаған орталық ҳәм ықлым өзгериўи мәселелерине қатнас жасаўда Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасында уқсас көзқараслар бар екени Аўғанстан ушын әҳмийетли.

Форум Өзбекстан ушын сырт еллер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўге кең жол ашты. Соның ишинде, Италия қоршаған орталық министрлиги менен бирге ислесиўге келисип алынды, Германия қоршаған орталық министрлиги менен қоспа ҳүжжетлерге қол қойылды. Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан менен қоршаған орталықты қорғаў бойынша мақсетли келисимлерге ерисилди.

Әнжуман шеңберинде «Шығындыларды қайта ислеў технологиялары. Қоршаған орталықты қорғаў. Энергияны үнемлеў ҳәм энергия нәтийжелилиги – GETCA 2018» қәнигелестирилген көргизбеси, бизнес-форум, «Орайлық Азия жаслары» деп аталған илаж өткерилди және Аралбойы аймағына саяхат шөлкемлестирилди.

Форумның жабылыўына Орайлық Азия жасларының қоршаған орталықты қорғаў ҳәм экологиялық машқалаларды сапластырыўда биргеликте гүресиўге бағышланған мүрәжаты оқып еситтирилди.

 

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзАның хабаршысы