Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының төмендеги мақсетлерди нәзерде тутқан социаллық әҳмийетке ийе жойбар буйыртпалары қабыл етиледи:

  1. Жасларда китапқумарлық көнликпесин қәлиплестириў, жәмлеспеген жаслар арасында «Әдебиятқа итибар – мәнаўиятқа итибар», «Мен сүйип оқыған китап» ҳәм «Ең жақсы китапқумар» таңлаўларын шөлкемлестириў;
  2. Жәмлеспеген жаслардың, нызамсыз мийнет мигранты сыпатында сырт еллерден депортация етилген жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды елимиздеги дөретиўшилик жумысларына кеңнен тартыў;
  3. Жаслардың интелектуаллық потенциалын арттырыў, инновациялық пикирлеўди қәлиплестириў, оларды ойлап табыў, рационализаторлық идеялар ҳәм «нау-хау»ларды ислеп шығыўға бағдарлаў;
  4. Мәҳәллелердеги жәмлеспеген жаслардың қызығыўшылықлары, арзыў-тилеклерин есапқа алған ҳалда олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириўге шараят жаратыў, түрли дөгереклер, спорт командаларын қәлиплестириў;
  5. Жаслардың аэрокосмослық, аэродинамикалық тараўлардағы билимлерин арттырыўға жәрдемлесиў, оларда Интернет, мәлимлеме-коммуникация технологияларынан ақылға уғрас пайдаланыў мәдениятын арттырыў;
  6. Жасларда, әсиресе, жәмлеспеген, тәрбиясы аўыр болған жасларда идеялық ҳәм информациялық қәўиплерге қарсы идеологиялық иммунитетти күшейтиў, оларды жәмийеттеги интеграциясына руўхый психологиялық жәрдемлесиў;
  7. Жаслар арасында ерте некениң алдын алыў, шаңарақтың муқәддес қәдриятларын жаслардың санасына сиңдириўдиң инновациялық (руўхый, психологиялық ҳәм басқалар) усылларын әмелге асырыў;
  8. Жасларда пуқаралық миннетти ҳәм жуўапкершиликти қәлиплестириў, олардың ҳуқықый санасын раўажландырыў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс тараўларында әмелге асырылып атырған реформалар және қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлеринен хабардарлығын арттырып барыў;
  9. Мәденият, әдебият, көркем өнер ҳәм анық пәнлер тараўларында жас әўладтың дөретиўшилик жумысын жүзеге шығарыў имканиятын жаратыўға көмеклесиў, жәмлеспеген жаслардың турмыста өз орнын табыўы ушын мүнәсип шараятлар жаратыў;
  10. «Идеяға қарсы идея, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен» сүрени астында мәҳәллелерде, әсиресе, жаслар арасында социаллық-руўхый орталықты буннан былай да беккемлеўде социаллық шерикликти ҳәм жәмийетлик қадағалаўды арттырыў;
  11. Жәмлеспеген ҳәм тәрбиясы қыйын жасларды жәмийетлик-ҳуқықый ҳәм социаллық-руўхый қоллап-қуўатлаў, олардың арасында «Мен Ўатанымды сүйемен», «Жәмийетте мениң орным бар» темасында дүрким илажлар өткериў;
  12. Мәденият ҳәм спорт мәкемелери менен шерикликте жаслар арасында халық спорты ойынларын ғалаба ен жайдырыў, жаслардың бос ўақытларын мәдений шөлкемлестириў, аўыл қызларын көркем гимнастика ҳәм спортқа кеңнен тартыў;
  13. Ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын, нызамлы мәплерин қорғаўда және оларды жәмийетлик-ҳуқықый ҳәм социаллық-руўхый қоллап-қуўатлаўда орынлардағы ҳаял-қызлар комитетлериниң жумысына жәрдем етиў.

Мәмлекетлик грант ажыратылыўы ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылыўы зәрүр:

  1. Шөлкем басшысы тәрепинен қол қойылған ҳәм мөр менен тастыйықланған жоллама хаты;
  2. www.fundngo.uz веб-сайтында жайластырылған түрде толтырылған мәмлекетлик грант жойбары ушын арза;
  3. Соңғы өзгерислер ҳәм қосымшалар менен мәмлекетлик дизимнен өткен МКШлар ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары Уставы (Режеси)ның нусқасы;
  4. Шөлкемниң мәмлекетлик дизимнен өткени ҳаққындағы гүўалықтың нусқасы;
  5. Егер жойбарды әмелге асырыў лицензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы усынылады.
  6. Мәпдар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң өтинишлери, усыныс хатлары қосымша етилиўи мүмкин.

Бир жойбар ушын ажыратылатуғын грант муғдары – 30 миллион сумға шекем.

Ҳүжжетлер 2018-жыл 7-июньнен 13-июльге шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлер Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы МКШларды ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қўатлаў жәмийетлик қоры атына «Өзбекстан почтасы» арқалы жиберилетуғын мөрленген конвертлерде (А-4 форматта) төмендеги мәнзил бойынша қабыл етиледи: 100163, Ташкент қаласы, Ислам Кәримов көшеси, 43-жай.

Ҳүжжетлерди усыныў шәртлери ҳәм үлгилери менен Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик қордың www.fundngo.uz рәсмий веб-сайтында танысыў мүмкин.

Мағлыўмат ушын телефонлар (0-371) 239-26-76, 239-26-86.