Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын төмендеги мақсетлерди нәзерде тутқан жәмийетлик әҳмийетке ийе жойбар буйыртпалары қабыл етиледи:

  1. Мәмлекетлик уйымлар менен социаллық шериклик тийкарында аймақларда шығындыларды екиленши қайта ислеўдиң инновациялық технологияларын енгизиўди күшейтиў;
  2. Орынлардағы жергиликли мәмлекетлик уйымларға халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламлары, ҳаяллар, жаслар ҳәм майыплардың турақлы бәнтлигин тәмийинлеўде, оларды халық өнерментшилигиниң таяр өнимлерин ислеп шығарыў, шаңарақлық бизнестиң ҳәм исбилерменликтиң ҳәр қыйлы түрлерине тартыўда көмеклесиў;
  3. Денсаўлықты сақлаў мәкемелери менен социаллық шерикликте жуқпалы кеселликлер профилактикасы ҳаққында халықтың хабардарлығын арттырыў, жәмийетте саламат турмыс тәризи принциплерин кеңнен ен жайдарыў;
  4. Жаслардың медициналық-экологиялық ҳәм социаллық-руўхый мәдениятын жоқарылатыўда МКШ ҳәм ҒХҚ арасында бирге ислесиўди күшейтиў;
  5. «Мәнәўият шаңарақтан басланады» сүрени астында ҳаял-қызлардың саламатлығын жақсылаўға қаратылған шаңарақлық қәдриятларды, саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў;
  6. Халықтың экологиялық ҳәм медициналық мәдениятын жоқарылатыў, халық, әсиресе жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўда ҒХҚ ролин күшейтиў;
  7. Ата-анасының қараўсыз қалған, сондай-ақ, имканияты шекленген балалардың машқалалары бойынша социаллық реклама, арнаўлы телекөрсетиўлер, радиоеситтириўлер, мақалалар таярлаў, эфирге жибериў, басып шығарыў;
  8. Халықтың, бәринен бурын, жаслардың көзқарасын кеңейтиў, олардың арасында руўхый қәдриятларды беккемлеў, еркин пикирлеўди қәлиплестириўге көмеклесиў;
  9. Мәмлекетлик уйымлар менен социаллық инфраструктураны раўажландырыўға, сапалы коммуналлық хызметлер көрсетиўге, халықтың турмыслық жасаў шараятларын жақсылаўға көмеклесиў;
  10. Шығындыларды екиленши қайта ислеў процесин буннан былай да кеңейтиў, социаллық инфраструктура объектлеринде заманагөй инновациялық энергияны ҳәм суў үнемлейтуғын технологияларды қолланыўға көмеклесиў;
  11. Жәмийеттиң руўхый тийкарларын буннан былай да раўажландырыўда шаңарақтың орнын ҳәм әҳмийетин арттырыўға көмеклесиў, миллий қәдриятларды беккемлеў, жәмийетте жоқары руўхыйлық ҳәм саламат турмыс тәризин кеңнен енгизиў;
  12. Шаңарақта медициналық мәдениятты қәлиплестириў ҳәм арттырыў, дурыс аўқатланыў, кем қанлық ҳәм гигиена тараўында қызлардың медициналық мәдениятын жоқарылатыў;
  13. Жас әўладты руўхый жақтан тәрбиялаў дәрежесин арттырыў, жасларды нәшебентлик, әдепсизлик ҳәм зыянлы тәсирлерден қорғаў;
  14. Жас әўладты тәрбиялаў процесинде билимлендириў мәкемелериниң шаңарақ ҳәм мәҳәлле институтлары менен бирге ислесиўин күшейтиў, оларда эстетикалық талғам, өзбек халқының миллий, тарийхый ҳәм мәдений мийрасын, бай тарийхын, ғәрезсиз Өзбекстанның заманагөй табысларын ҳүрмет етиў сезимин қәлиплестириў;
  15. Туризмниң тарийхый-илимий, экологиялық, белсенди, гастрономиялық ҳәм басқа да түрлерин сырт ел аудиториясы арасында ғалаба ен жайдырыў арқалы Өзбекстанның туристлик және мәдений-тарийхый тартымлылығын күшейтиў.

Мәмлекетлик грант ажыратылыўы ушын төмендеги ҳүжжетлерди усыныў зәрүр:

  1. Шөлкем басшысы тәрепинен қол қойылған ҳәм мөр менен тастыйықланған жоллама хаты;
  2. www.fundngo.uz веб-сайтында жайластырылған түрде толтырылған мәмлекетлик грант жойбары ушын арза;
  3. Соңғы өзгерислер ҳәм қосымшалар менен мәмлекетлик дизимнен өткен МКШлар ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары Уставы (Режеси)ның нусқасы;
  4. Шөлкемниң мәмлекетлик дизимнен өткени ҳаққындағы гүўалықтың нусқасы;
  5. Егер жойбарды әмелге асырыў лицензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы усынылады.
  6. Мәпдар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң өтинишлери, усыныс хатлары қосымша етилиўи мүмкин.

Бир жойбар ушын ажыратылатуғын грант муғдары – 30 миллион сумға шекем.

Ҳүжжетлер 2018-жыл 7-июньнен 13-июльге шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлер Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы МКШларды ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қўатлаў жәмийетлик қоры атына «Өзбекстан почтасы» арқалы жиберилетуғын мөрленген конвертлерде (А-4 форматта) төмендеги мәнзил бойынша қабыл етиледи: 100163, Ташкент қаласы, Ислам Кәримов көшеси, 43-жай.

Ҳүжжетлерди усыныў шәртлери ҳәм үлгилери менен Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик қордың рәсмий веб-сайтында танысыў мүмкин.

Мағлыўмат ушын телефонлар (0-371) 239-26-76, 239-26-64.