Шымбай районында «Жаслық» балалар дем алыў ҳәм саўалландырыў орайының ашылыў салтанаты болып өтти, деп жазады район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты.

Орайда балалардың мазмунлы дем алыўы ушын китапхана, медицина ханасы, дем алыў ханалары ҳәм инглис тили, шебер қоллар, шахмат, жас қәлемкешлер дөгереклери шөлкемлестирилген.

Ашылыў салтанатында районлық мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайы тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы усынылды.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги