Парламенттиң төменги палатасының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәрепинен «Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының жумысы нәтийжелилигин буннан былай да  арттырыў ҳәм оның ҳуқықый тийкарларын жетилистириўдиң әҳмийетли мәселелери» темасында семинар шөлкемлестирилди.

Илажда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар мәмлекетлик суверенитетти, қәўипсизликти, миллетлераралық татыўлықты буннан былай да беккемлеў, нызам үстинлигин ҳәм суд-ҳуқық системасын буннан былай да жетилистириў ушын зәрүр шараятларды жаратыўда тийкарғы фактор болып атырғаны айрықша атап өтилди.

Жаңаланған Қорғаныў доктринасының қабыл етилиўи үлкен сиясий-ҳуқықый  әҳмийетке ийе. Онда әскерий тараўда Өзбекстан Республикасының миллий қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы принциплер ҳәм көзқараслар, тең ҳуқықлылық және басқа мәмлекетлердиң ишки ислерине араласпаў, барлық келиспеўшилик мәселелерин тыныш ҳәм сөйлесиўлер жолы менен шешиў, мәмлекетлераралық қәлиплескен шегаралардың бузылмаўын ҳәм өзгермеўин тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар беккемлеп қойылған.

Әсиресе, жәмийет ҳәм мәмлекет қәўипсизлигин тәмийинлеў, халықты ҳәр қыйлы терроршылық қәўиплерден, жынайый ҳәм басқа да нызамсыз ис-ҳәрекетлерден қорғаўға уқыплы болған Қураллы Күшлер системасына киретуғын арнаўлы әскерий структура – Өзбекстан Республикасы миллий гвардиясының шөлкемлестирилгени елимизде инсан ҳуқықларын жүзеге шығарыў бағдарында тарийхый ўақыя болды.

Семинарда Миллий гвардия системасының шөлкемлестириўшилик структурасы, оның әскерий – жаўынгерлик жағдайы, әскер ҳәм офицерлердиң руўхый таярлық дәрежесин буннан былай да жоқарылатыў бойынша анық пикир-усыныслар билдирилди.

«Қәўипсиз қала – қәўипсиз ел» концепциясын нәтийжели жүзеге шығарыўда Миллий гвардия хызметкерлериниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм миннетлемелери, орынларда өткерилип атырған жедел ҳәм профилактика илажларының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған жумыслар бойынша мағлыўматлар берилди.

Семинарда Миллий гвардияның имканиятын ҳәр тәреплеме жоқарылатыў, бул бағдарда басланған жумысларды даўам еттириў, ҳуқықый тийкарларды буннан былай да жетилистириў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы