Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжиниң питкериўшиси Шаҳзад Генжегулов Өзбекстан жаслар аўқамының белсенди ағзасы сыпатында мүддетинен алдын студентлик бахтына еристи. Бул ҳаққында ӨзА хабаршысы Есимқан Қанаатов хабар бермекте.

Жаслар аўқамының басланғыш шөлкеминдеги бағдар жетекшиси сыпатында көрсеткен белсенди хызметлери ушын берилетуғын бул усыныснама Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан жаслар аўқамының белсенди ағзаларына жоқары оқыў орынларына кириўде жеңилликлер бериў ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған Реже тийкарында Өзбекстан көлеминде 14 белсенди жасқа бериледи.

Режеге муўапық, усыныснаманы қолға киргизген жаслар Өзбекстан Республикасының билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша мәмлекетлик комиссиясының қарарына муўапық, турақлы жасаў орнындағы жоқары оқыў орынларының педагогика тәлим бағдарларына таңлаўдан тыс, тест сынақларысыз ҳәм кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларсыз мәмлекетлик грант тийкарында қабыл етиледи.

Мағлыўмат ушын, Ш.Генжегулов бир неше табысларға ерискен. Ол 2016-жылы оқыў ҳәм жәмийетлик жумысларда белсене қатнасқаны ушын Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен «Ең үлгили оқыўшы» деп табылған. 2017-жылы «Жоқары мәнаўиятлы әўлад» фестивалының Нөкис қалалық басқышында ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги