Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы командириниң буйрығы менен Миллий гвардия Әскерий-техникалық институтында әскерий-профессионал сайлап алыў илажларын өткериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды. Бул ҳаққында Kun.uz сайты хабар бермекте.

 

Әскерий-профессионал сайлап алыўда төмендеги илажлар шөлкемлестириледи ҳәм өткериледи:

– ҳүжжетлерди үйрениў;

– психофизиологиялық жақтан үйрениў;

– медициналық көриктен өткериў;

– жазба жумыс (диктант);

– компьютер техникасын ҳәм мәлимлеме-коммуникациялық технологияларды меңгериў дәрежесин тексериў;

– жеке тәртиптеги жуўмақлаўшы сәўбет.

 

Қабыллаў комиссиясы қабыллаў жылының 1-февраль күнинен 31-август күнине шекем жумыс алып барады.

Әскерий-профессионал сайлап алыў илажлары қабыллаў комиссиясының баслығы тәрепинен тастыйықланған реже-кесте тийкарында 1-июньнан 25-июньға шекем институтта өткериледи.

Әскерий-профессионал сайлап алыў илажларын өткериў даўамында талабанлар турақ жай ҳәм азық-аўқат пенен тәмийинленбейди.

Талабанлардың ҳүжжетлерин үйрениў қабыллаў комиссиясының тийисли ағзалары тәрепинен әмелге асырылады. Бунда ҳәр бир талабанның жеке ҳүжжетлер топламы дизимге алынады ҳәм белгиленген талапларға муўапықлығы тексериледи.

Психофизиологиялық жақтан үйрениў автоматластырылған психофизиологиялық комплекслер жәрдеминде әмелге асырылады. Психофизиологиялық жақтан үйрениў талабанның сезимлик (соматикалық), психоэмоционаллық жағдайы жақсы болғанда ғана өткерилиўи керек.

Талабанларды медициналық көриктен өткериў Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы командириниң буйрығы менен тастыйықланатуғын, медицина қәнигелеринен арнаўлы қәлиплестирилетуғын әскерий-медициналық комиссиялар тәрепинен өткериледи. Медициналық көриктен өткериў нәтийжелери бойынша денсаўлығының жағдайына бола талабанның институтта оқыўға жарамлылық дәрежеси ҳаққында жуўмақ шығарылады. Денсаўлығының жағдайына муўапық институтта оқыўға жарамсыз деп табылған талабанлар әскерий-профессионал сайлап алыўдың кейинги илажларына өткерилмейди.

Жазба жумыс диктант жазыў жолы менен талабанның орфографиялық ҳәм пунктуациялық саўатлылық дәрежесин баҳалаў мақсетинде әмелге асырылады. Диктанттың темалары ҳәм текстлери қабыллаў комиссиясының баслығы тәрепинен тастыйықланады.

Талабанның компьютер техникасын ҳәм мәлимлеме-коммуникациялық технологияларды меңгериў дәрежесин анықлаўдан алдын оларға тексериў өткериў тәртиби түсиндириледи ҳәм тийисли жол-жобалар бериледи.

Тест сораўлары 1-июнь күнине шекем қабыллаў комиссиясы тәрепинен улыўмалық орта, орта арнаўлы ҳәм кәсиплик билимлендириў оқыў бағдарламаларына муўапық ислеп шығылады.

Жеке тәртиптеги жуўмақлаўшы сәўбет талабанның институтқа оқыўға кириў себебин, жетекшилик қәбилетлерин, ақылый мүмкиншиликлери ҳәм басқа әҳмийетли профессионаллық пазыйлетлерин анықлаў мақсетинде бирден-бир методика бойынша психофизиологиялық жақтан үйрениў, диктант нәтийжелери, компьютер техникасы ҳәм мәлимлеме-коммуникациялық технологияларды меңгериў дәрежесин тексериў нәтийжелери тийкарында өткериледи. Жеке тәртиптеги жуўмақлаўшы сәўбет қабыллаў комиссиясы тәрепинен қабыллаў жылының 25-июнына шекем коллегиаллық принцип бойынша өткериледи.

Талабанлардың әскерий-профессионал сайлап алыўдың барлық илажлары нәтийжелери бойынша топланған баллары улыўмаластырылып, олардың орташа арифметикалық баҳасы анықланады.

Орташа арифметикалық баҳасы «3» ҳәм оннан жоқары болған талабанлар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен өткерилетуғын тест сынақларын тапсырыўға жибериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.