Көпшилик быйылғы жылы арнаўлы сыртқы бөлимлерге ажыратылған 11 мың 765 квота қайсы жоқары оқыў орынларына ажыратылғаны ҳаққында қызығыўшылық билдирмекте, деп жазады Asr.uz сайты.

Мағлыўматларға қарағанда, быйылғы жылы Өзбекстан көлеминде 22 жоқары оқыў орынларында арнаўлы сыртқы бөлимлер ашылды.

Қарақалпақстаннан тек ғана Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында арнаўлы сыртқы бөлим ашылған болып, оған быйылғы жылы 750 студент қабылланыўы режелестирилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги