Австралиялы илимпазлар адам организминде және бир мий бар екенлиги ҳәм оның жумыс ислеў қағыйдаларын түсиндирип өтти, деп хабар бермекте Iz.ru сайты.

Илимпазлар ишектеги нерв системасы бастағы мий сыяқлы он миллионнан аслам нейронлардан ибарат екенлиги ҳәм ол орайлық нерв системасынан, жулын менен бас мийден бөлек жумыс ислейтуғынлығын анықлады.

Ишек нерв системасы асқазан-ишек жолларының хызметине жуўап береди.

«Ишек нерв системасының хызмети мийдиң хызметине уқсайды. Ол бас мийден ғәрезсиз, өз алдына жумыс ислей алатуғын бирден-бир орган есапланады»,- дейди изертлеў жумысы авторларының бири профессор Ник Спенсер.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.