Ташкент қаласында 5-июнь күни «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм турақлы раўажланыў бойынша бирге ислесиўди беккемлеў» темасында Орайлық Азия халықаралық экология форумы жумыс баслады.

Өзбекстан ҳүкимети, Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Орайлық Азия регионаллық экология орайы менен биргеликте шөлкемлестирилген форум регионды турақлы раўажландырыў стратегиясын биргеликте қәлиплестириў, мәмлекетлик, халықаралық шөлкемлер, бизнес ҳәм илимий топарлар, пуқаралық жәмийети арасында диалогты беккемлеўге қаратылған.

5-июнь – Жәҳән қоршаған орталықты қорғаў күни мүнәсибети менен өткерилип атырған илажда Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Аўғанстанның Экология ҳәм қоршаған орталық мәселелерине жуўапкер министрликлери ҳәм ведомстволары, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, сырт елли экспертлер, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.

Форумның ашылыўында Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Б.Қўчқаров, БМШ бас хаткериниң Инсан қәўипсизлиги мәселелери бойынша арнаўлы кеңесгөйи Юкио Такасу, Түркменстан Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жер ресурслары мәмлекетлик комитетиниң баслығы Б.Оразмурадов, Тәжикстан Республикасы Қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Х.Ибодзада, Қазақстан Республикасы Энергетика министрлиги экологиялық тәртипке салыў ҳәм қадағалаў комитети баслығының орынбасары З.Жолдасов, Қырғызстан Республикасы Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тоғай хожалығы мәмлекетлик агентлиги директорының орынбасары А.Риспеков, Аўғанстан Ислам Республикасы Қоршаған орталықты қорғаў миллий агентлигиниң бас директоры Шоҳ Замон Майванди, Аралды қутқарыў халықаралық қоры атқарыў комитетиниң баслығы Г.Байжанов ҳәм басқалар Орайлық Азия регионында қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый аймақлардың биологиялық ҳәр түрлилигин сақлаўда әҳмийетли фактор екенин айрықша атап өтти.

Бүгинги күнде экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў ҳәр бир ел ушын әҳмийетли стратегиялық ўазыйпалардан бири болып табылады. Себеби инсанның өмири жер, суў, ҳаўа, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы менен өз-ара байланыслы.  Олардан надурыс пайдаланыў унамсыз ақыбетлерди алып келиўи турған гәп. Усы мәниде регионның тәбияты, ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясы био ҳәр түрлиликти қәстерлеп сақлаўға ҳәр бир мәмлекет жуўапкер болып табылады.

Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл 21-апрельдеги «Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў ҳаққында»ғы пәрманында суў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм бул бағдарда жуўапкер шөлкемлерге әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген. Орайлық Азия халықаралық экологиялық форумы усындай тилеклерге сәйкес келиўи менен үлкен әҳмийетке ийе.

-Ықлым өзгериўи ҳәм басқа да түрли факторлар себепли бүгинги күнде экологиялық машқалалар кескин түс алмақта, – деди Орайлық Азия регионаллық экология орайының атқарыўшы директоры Искандар Абдуллаев. – Усы мақсетте биз барлық мәпдар тәреплер, соның ишинде, бизнес ҳәм илимий жәмийетшиликти бирлестирген ҳалда регионаллық машқалалардың шешимин табыўға қаратылған ҳәм өз-ара муўапықластырылған әмелий илажларды ислеп шығыў ушын нәтийжели майдан жаратыўға итибар қаратпақтамыз.

Форумда суў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Дүньяның қайсы дур регионында бир уртлам суў ишиў ушын саатлап гезек күтип турылса, және қайсы дур үлкесинде суў бийкар ағызып қойылады, таза ишимлик суўы үнемленбейди. Бирақ дүнья бойынша ишимлик суўының жетиспеўшилиги сезилип атырғаны бүгин ҳеш кимге сыр емес. Бул болса, өз өзинен жылдан-жылға суўдың баҳасының көтерилиўине себеп болмақта. Ықлым өзгериўи, ыссылықтың көтерилиўи, өндирислик, аўыл хожалығы ҳәм басқа да зәрүрликлерде суў керегинен артық жумсалыўы буған тийкарғы себеп болмақта. Әсиресе, Орайлық Азия халқының суўға болған талабы әзелден жоқары болған.

Жәҳән суў кеңеси президенти Бенедито Браганың атап өтиўинше, соңғы 10 жыл даўамында күшли ықлым өзгериўи сезилмекте. Бул жер, суў ҳәм басқа да тәбийғый ресурсларға кери тәсир етпекте. Усы сыяқлы машқалаларға шешим табыўда, экологиялық инновациялық жойбарларды енгизиўде, қоршаған орталықты қорғаўда жаңаша қатнасты ҳәм перспективалы режелерди әмелге асырыўда Орайлық Азия үлгили аймақ болыўы лазым.

Бир ўақытлары бассейниниң үлкенлиги жағынан Кәспий теңизи, Америкадағы Жоқары көл ҳәм Африкадағы Виктория көлинен кейин төртинши орында турған Арал теңизи өткен әсирде ана тәбиятқа болған итибарсыз қатнасларға айқын мысал болады. Тилекке қарсы, ХХ әсирдиң 60-жылларында Орайлық Азияда суўғарыў каналлары үлкен көлемде қурылған. Әмиўдәрнья ҳәм Сырдәрьяның суў ресурсларын надурыс бөлистириўдиң нәтийжесинде Арал теңизи қурый баслаған. Бүгин Арал теңизиниң қурыған бөлеги дуз бенен қапланып бармақта. Усы жыл 27-май күни теңизден көтерилген күшли дуз бораны регионның үлкен бөлегин қамтып алғаны, миллионлаған тонна дуз егислик жерлерди, елатлы пунктлерди басып кеткени экологиялық апатшылық болып табылады.

Арал машқаласы Орайлық Азияның глобаллық машқаласы болып табылады. Мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстан Республикасындағы суўғарылатуғын жерлердиң ҳәр гектарына жыл даўамында 250, айырым аймақларда 500 килограммға шекем дузлы шаң жаўады. Қурыған теңиздиң түбинен бир жылда 15 миллионнан 75 миллион тоннаға шекем шаң көтериледи. Дузлы боранлардың кеңлиги 40 километрге, узынлығы 400 километрге шекем жетеди.

Бул экологиялық апатшылықтың ақыбетлерин жумсартыў, шөлистанлыққа қарсы гүресиў, суў ресурсларынан үнемлилик пенен пайдаланыў, ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясын қәстерлеп сақлаўда зәрүр илажларды әмелге асырыў Орайлық Азия мәмлекетлериниң мәплерин бирлестиреди.

– Өзбекстан регионындағы экологиялық машқалаларды сапластырыўға турақлы итибар қаратпақта, – деди Европа Комиссиясының Халықаралық экологиялық бирге ислесиў бөлими баслығының орынбасары Хельге Зейтлер. – Илажға қатнасқан Орайлық Азия мәмлекетлери ўәкиллериниң темаға байланыслы пикир-усынысларын тыңладық. Демек, бизиң алдымызда үлкен ўазыйпа тур. Форум шеңберинде ашылған көргизбеде көрсетилип атырған экологияға ҳәм ресурсларды үнемлеўге байланыслы хызметлер менен өнимлер ушын қаржы зәрүр болады. экологиялық аймақлар ушын инвестициялар киргизиў, бирге ислесиў мақсетке муўапық. Бизиң шөлкем бул сыяқлы бирге ислесиўди бәрқулла қоллап-қуўатлайды.

Усындай жақсы мақсетлерге сәйкес Орайлық Азия халықаралық экологиялық форумы еллер арасында машқалалардың шешимин таба алатуғын анық жойбарларды белгилеп алыўға, өндирисшилер ҳәм тутыныўшылар арасында байланысларды орнатыўға, экологиялық технологияларды ислеп шығарыўға, энергия ресурсларынан пайдаланыўды қысқартыўға, энергияның альтернатив дереклерине өтиўде технологиялық процесслерди жетилистириўге хызмет етеди.

Форумның ашылыўында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Н.Отажанов шығып сөйледи.

 

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзАның хабаршысы