Усы жыл 8-9-июнь күнлери Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде  спорттың волейбол түри бойынша 2004-2005-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионатының III тур жуўмақлаўшы басқышы өткериледи.

Жарыс халықаралық волейбол федерациясының қағыйдаларына муўапық алып барылып, айланба усылда өткериледи.

Жарысқа I-II   турларда жеңимпаз болған  Нөкис қаласындағы республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинен, Қараөзек, Тахтакөпир, Беруний, Қоңырат районларының ҳәм  Нөкис олимпиада резервлери колледжиниң командалары қатнасады.

Жарыс жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланады.

Бул ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берип барамыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги