Усы жыл 910-июнь күни Нөкис коммуналь ҳәм хызмет көрсетиў колледжинде «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»на бағышланып спорттың бадминтон  түри бойынша 20042008-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында «Үмид» кубоги өткериледи.

Кубокти өткериўдеги тийкарғы мақсет –  елимизде жаслар арасында бадминтон спорт түрин раўажландырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў, спорт шеберлигин арттырыў, күшли спортшыларды анықлап Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қурамын муўапықластырыўдан ибарат.

Жарыс халықаралық бадминтон федерациясының қағыйдаларына муўапық алып барылып, жеке, жуплық, аралас жуплық (микст) басқышта ҳәм олимпиада усылында өткериледи.

Кубокқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларындағы 2004-2008-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар қатнасыўы мүмкин.

Жарыстың 1-2-3-орын жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланады.

Бул ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берип барамыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги