Усы жыл 812-июнь күнлери аралығында Нөкис қаласындағы 2-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спорттың бокс түри бойынша 20042005-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты өткериледи.

Жарыс халықаралық ҳәўескер бокс ассосациясының ҳәм әмелдеги тәртип қағыйдалары, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Бокс федерациясының «Устав» ҳәм қағыйдалары тийкарында алып барылады.

Жарысқа республикамыздың барлық спорт мектеплеринен, Нөкис олимпиада резервлери колледжиниң сайланды командалары  жәми 17 салмақ категориялары бойынша қатнасады.

Жарыс жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланады.

Бул ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берип барамыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги