Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жоқары оқыў орынларында билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм олардың мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, төмендегилер белгилеп қойылмақта:

– жоқары оқыў орынларының руўхый-ағартыўшылық жумыслары бойынша проректоры лаўазымы орнына жаслар менен ислесиў бойынша проректоры лаўазымы енгизиледи, жаслар менен ислесиў бойынша проректорлардың жумысларын муўапықластырыў ўазыйпасы Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратының Жаслар сиясаты мәселелери бойынша хызметине жүкленеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги