Өзбекстан Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы тәрепинен халық пенен сәўбетлесиўлер даўамында билдирилген мүрәжатлар үйренилген ҳалда қайырқомлық илажлары әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Федерация қаржылары есабынан «Абат үй – елимиз көрки» атамасындағы жойбар шеңберинде Өзбекстан көлеминде 14 кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақтың турақ жайын ири оңлаў режелестирилген еди. Жақында республикамыздың Кегейли районы «Абат мәкан» мәҳәллесинде усындай шаңарақтың турақ жайы оңлаўдан шығарылды. «Абат үй – елимиз көрки» жойбарына киргизилген дәслепки объектлердиң бири болған Перихан Алламуратованың үйинде 20 миллион сумнан аслам қаржы есабына оңлаў жумысларын әмелге асырыўдан тысқары телевизор, газ плита саўға етилген.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы тийкарында әмелге асырылып атырған «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде Федерация тәрепинен бийғәрез ири оңлаў жумыслары ўәлаятларда даўам етпекте.

– Жақында ғана екинши жойбар – «Социаллық жәрдем» акциясы жумыс баслады, – дейди Өзбекстан Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының баспасөз хызмети баслығы Аҳмадали Ҳакимов. – Акция шеңберинде Өзбекстан көлеминде 500 ге шамалас социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлардың коммуналлық төлемлеринде бар болған қарызларын төлеў мақсетинде Федерация тәрепинен 25 миллион сумнан аслам қаржы ажыратылған.

Мақсет пуқаралық жәмийети институтларының да белсендилигин арттырыў, олардың хожалық басқарыў уйымлары менен бирге ислескен ҳалда халықты қыйнап атырған машқалаларды үйрениўин, оларды системалы түрде сапластырыў мақсетинде социаллық шерикликти жолға қойыў болып табылады.

   

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.