Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда автомобильлердиң айнасын қарайтыўға руқсат бериў ҳаққындағы ғалабалық мүрәжат «Менинг фикрим» порталында 10 мыңнан аслам даўыс топлады, деп жазады ӨзА.

Әмелдеги тәртипке тийкарланып, бул мүрәжат Олий Мажлис тәрепинен көрип шығылыўы ҳәм 60 күнниң ишинде тийисли қарар қабыл етилиўи керек.

Соның менен бирге, Әдиллик министрлиги тәрепинен мәпдар министрлик, мәкемелер менен биргеликте усы мәселе үйренип шығылмақта.

Демек, ўәкилликли орган тәрепинен тийисли қарар қабыл етилмегенше автотранспорт қуралының айнасын қарайтыў мүмкин емес. Қулласы, машиналардың айнасын қарайтыў (тонировка)ға еле руқсат берилмеди.

Еслетип өтемиз, Автотранспорт қураллары конструкциясының пайдаланыў шәртлери бойынша қәўипсизлиги ҳаққындағы улыўмалық техникалық регламентке муўапық, барлық транспорт қуралларында алдынғы, қаптал ҳәм артқы тәрептеги айнасының жақтылық өткериўшеңлиги кеминде 70% ти қураўы керек.

 

 

Транспорт басқарыўшысының орнынан басқа орынлар саны 8 ден көп болмаған автотранспорт қуралларының артқы айнасында ҳәр еки тәрепте артқы тәрепти көретуғын сыртқы айна болған жағдайда перделер, сондай-ақ, ший перделер және аралары ашық перделердиң болыўына руқсат бериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги