«1-июнь Халықаралық балаларды қорғаў күни» байрамында Шымбай районындағы Шахтемир стадионы жанында майданы 20 гектарлық Ибрайым Юсупов атындағы мәдений дем алыў бағы пайданалыўға тапсырылды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар бермекте.

 

 

Исбилермен Бахыт Юсупова «Миллий банк»тен 3 миллиард сум кредит алып, Қытайдан заманагөй аттракционларды алып келип орнатты. Бағды абаданластырыў мақсетинде үш мың түп шырша, емен, мың түп ҳәр қыйлы гүл нәллери егилди. Сондай-ақ, бағда 20 жаңа жумыс орны ашылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги