Усы жылдың 2-июнь күни Нөкис районлық медициналық бирлеспесиниң көп тармақлы поликлиникасында Ташкент қаласынан келген Республикалық онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы профессоры Б.Юсупов, жетекши қәниге А.Мадаминов, Қарақалпақстан Республикасы Онкология орайы директоры Х.Әбдикаримовлар «Онкологиялық кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм заманагөй емлеў усыллары» атамасында медицина хызметкерлериниң тәжирийбесин арттырыўға бағдарланған шеберлик сабағын өтти. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар бермекте.

 

 

Усы күни тараў ўәкиллери көшпели қабыллаў өткерип, онкологиялық кеселликлер менен наўқасланған пуқараларды тексериўден өткерди ҳәм оларға зәрүрли медициналық мәсләҳәтлерин, сондай-ақ, емлениў орайларына жолламалар берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги