Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың 4-июньдағы қарары тийкарында 2018-2019-жылларда мәмлекеттеги жоқары оқыў орынларына қабыллаў квоталары тастыйықланды. Бул ҳаққында Gazeta.uz сайты «Өзбекстан 24» телеканалының «Ахборот 24» бағдарламасына тийкарланып хабар бермекте.

 

Улыўмалық қабыллаў квотасы дерлик 8500 ге көбейип, 78701 ден (грант тийкарында – 19725, төлемли-контракт – 58976) 87165 ке (19240, 67925) жетти.

Бакалавриат күндизги бөлимлерине 1714 студент көбирек қабылланып, жәми 69460 қа жетеди (өткен жылы – 67746). Олардың 17669 ы грант, 51791 и контракт тийкарында қабыл етиледи.

Магистратураға қабыллаў квотасы дерлик 1000 ға көбейип, 5940 (5000) қа жетеди. Олардың 1556 сы (өзгериссиз) грант тийкарында билим алса, 4384 и (3444) контракт тийкарында оқыйды.

Бакалавриаттың арнаўлы сыртқы бөлимлерине қабыллаў саны дерлик еки есеге көбейип, 11765 ке жеткерилди (өткен жылы – 5955). Олардың 15 и (өзгериссиз) грант тийкарында билим алса, 11750 и (5940) контракт тийкарында билим алады.

Қарар тийкарында бакалавриатта 16 (бизнес-информатика, жақтылық техникасы, биомедициналық физика ҳәм басқалар), магистратурада болса 18 (санлы экономика, ярым өткизгиш материаллар нанотехнологиясы, қамсызландырыў аудити ҳәм басқалар) жаңа бағдарлар ҳәм қәнигеликлер енгизилмекте.

«Мектепке шекемги билимлендириў» тәлим бағдары бойынша кадрлар таярлаў (бакалавриат) төрт жыл емес, ал үш жыл әмелге асырылады. Сырт ел тәжирийбеси ҳәм кадрларға болған талапты қанаатландырыў мақсетинде усы қарар қабыл етилди. Оқыў режелери ҳәм бағдарламаларына жаңаша көнликпе талаплары таярланбақта. Тийкарғы итибар билимлерди еркин ийелеўге қаратылады.

Ташкент медициналық академиясының Ферғана филиалында «Медициналық-профилактикалық хызмет» бағдары бойынша студентлерди қабыл етиў қайта жолға қойылады. Жаңа оқыў жылында 100 студент, атап айтқанда, 10 студент грант тийкарында қабыл етиледи.

Сыртқы ҳәм кешки бөлимлерге қабыллаў квоталары бир ай ишинде таярланыўы керек. Олар бакалавриатқа улыўмалық қабыллаўдың 30 процентине шекемгисин қурайды.

Қарарда жоқары оқыў орынлары ҳәм потенциал жумыс бериўшилер арасындағы өз ара байланысларды жетилистириў нәзерде тутылған. Ендиликте Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги кадрлар буйыртпашылары менен ҳәр жылы оқыў жылы басланғанға шекем жоқары оқыў орынларының оқыў режелери ҳәм бағдарламаларын көрип шығады.

Питкериўшилердиң көнликпе ҳәм тәжирийбелериндеги кемшиликлер ҳәр шеректе кеминде бир мәрте жумыс бериўшилер менен биргеликте додаланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги