«Терра-Модис» жасалма жолдас платформасының мағлыўматына бола, Әмиўдәрьяның ҳәм Сырдәрьяның сағасындағы дәрья бассейнлериниң қар қаплаған майданы 2017-жылға салыстырғанда сезилерли азайған.

Бундай шараятта аўыл хожалығы егинлерин суўғарыў мәўсиминде суў муғдары норма бойынша 40 процент әтирапында болыўы күтилмекте. Бул –регионларда суў жетиспеўшилиги итималлығы жоқары дегени. Сонлықтан, аўыл хожалығында суў жетиспеўшилигиниң алдын алыўға қаратылған қосымша илажларды әмелге асырыў зәрүр.

Онда, бәринен бурын, фермер ҳәм дийқанлардың егис мәўсиминде өзине қанша муғдарда суў керек екенлигин шамалап билиўи, күтилип атырған жағдайдан келип шыққан ҳалда қайсы егинлерди егиў, қашан ҳәм қалайынша суўғарыў режесин анық белгилеп алыўы оғада зәрүр. Бул мәселе, әсиресе, суўғарылмайтуғын (қарызғар) жерлерде дийқаншылық етип атырғанлар ушын әҳмийетли болып есапланады.

Пүткилжержүзилик метеорология шөлкеминиң билдириўине бола, 2017-жылдағы тәбийғый апатлардан дүнья көлеминде көрилген зыян 320 миллиард АҚШ долларына тең болған. Сондай-ақ, 2015-2016-жыллар сыяқлы 2017-жыл метеорологиялық бақлаўлар тарийхындағы үш ең жыллы жыл  қатарына кирди.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасы ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги жанындағы Гидрометеорология хызмети менен биргеликте әмелге асырылып атырған ықлым өзгерисинде «Өзбекстанның қурғақ аймақларында жайласқан фермер ҳәм дийқан хожалықларының ықлым турақлылығын тәмийинлеў» жойбары шеңберинде шөлкемлестирилген қурғақшылықты алдын ала ескертиў системасы аўыл хожалығында жақсы нәтийже беретуғынына исеним билдирилмекте.

Бул система Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьяның жоқары бөлимлери ушын ислеп шығылған. Қарақалпақстан Республикасы Әмиўдәрьяның аяғында жайласқан ҳәм бул жерде суў ағымынан пайдаланыўға ҳәм қайта тиклеўге зәрүр болатуғын шараятлар жоқары бөлимлерден түп-тийкарынан парықланатуғынын атап өтиў керек. Ҳәзирги ўақытта қурғақшылықты алдын ала ескертиў системасы жәрдеминде суў муғдарын баҳалаў, суў ресурсларының жетерли екенлиги ямаса қурғақшылық күтилип атырғаны, белгили бир объект ушын суў резервлерин бөлистириў ҳаққындағы дәслепки мағлыўматларды анықлаў мүмкин болады.

Қарақалпақстан Республикасында өткен жылы 10 метеорологиялық станциялы бақлаў және метеорологиялық тармақ модернизацияланады. Бул процесске Россия, Қырғызстан ҳәм Италиядан қәнигелер тартылды. Сол себепли тармақлар ең алдынғы технологиялар ҳәм үскенелер менен тәмийинленди. Ендиликте тийкарғы метеорологиялық параметрлерди жоқары анықлықта өлшеў, анық есап-санақларды әмелге асырыў, информация жеделлигин тәмийинлеў имканияты жаратылады.

Жойбар шеңберинде әмелге асырылып атырған гидрометеорологиялық тармақларды модернизациялаў бойынша илажлар қурғақшылықты алдын ала ескертиў ситемасын раўажландырыў және жәмийетшиликтиң ықлымға турақлылығын тәмийинлеўге сезилерли үлес қосады.

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзА ның хабаршысы