Қытай Халық Республикасы пайтахты Пекин қаласында 2018-жыл 1-июнь күни ШБШға ағза мәмлекетлер ғалаба хабар қуралларының биринши форумы болып өтти.

Оған Қытай, Өзбекстан, Россия, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Ҳиндстан, Пакистан сондай-ақ, бақлаўшы статусындағы Аўғанстан, Беларусь, Монголия, Иран, диалог бойынша бирге ислесиўши мәмлекетлер Армения, Камбоджа, Непал, Әзербайжан, Түркия, Шри-Ланка сыяқлы 18 елдиң мәлимлеме коммуникация тараўындағы ўәкилликли уйымларынан және жетекши ҒХҚ ўәкиллеринен ибарат делегация ағзалары қатнасты.

Атап өтиў керек, ШБШ шөлкемлестирилгенинен берли өткен 17 жыл даўамында ғалаба хабар қураллары бул шөлкемниң өз-ара исеним, мәпдарлық, теңлик, мәсләҳәтлесиў ҳәм мәдениятлардың ҳәр қыйлылығы, бир сөз бенен айтқанда, «Шанхай руўхы» принциплерине тийкарланған бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлап келмекте.

«Медиа бирге ислесиўдиң жаңа дәўири» темасында болып өткен форумда ҚХР Мәмлекетлик кеңеси баспасөз аппаратының басшысы Цзян Цзяньго, ШБШ Бас хаткери Рашид Алимов және ағза-мәмлекетлер делегацияларының басшылары шығып сөйледи. Келеси ҳәпте Циндао қаласында болып өтетуғын ШБШ Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги саммитине таярлық процеси ҳаққында мәлимлеме берилди.

Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң әнжуман қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўын Қытай коммунистлик партиясы Сиясий бюросының ағзасы, ҚКП Орайлық Комитетиниң ағзасы, ҚКП ОК Үгит-нәсиятлаў бөлиминиң баслығы Хуан Куньмин оқып еситтирди.

Әнжуман жумысы «Медиа бирге ислесиў ушын жаңа платформа жаратыў, биргеликте раўажланыўды жаңа басқышқа алып шығыў», «Гуманитарлық байланысларды беккемлеў, халықлардың руўхый бирлиги» темаларындағы секция жыйналысларда даўам етти.

Өзбекстан – Қытай қатнасықлары турақлы раўажланып, стратегиялық шериклик байланыслары жоқары дәрежеге көтерилмекте. Атап айтқанда, Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл май айындағы ҚХРға мәмлекетлик сапары еллеримиз арасындағы қатнасықларда жаңа дәўир, сапа жағынан жаңа басқышты баслап берди.

Форум шеңберинде ШБШға ағза мәмлекетлердиң мәлимлеме тараўындағы ўәкилликли уйымлары арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумларға қол қойылды.

ӨзА