Усы жыл 4-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз жигирма биринши сессиясы болып өтти.

Видеоселектор тәризинде өткерилген сессияның жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының комитет баслығы Б.Матмуратов, Нызамшылық палатасының депутатлары, Олий Мажлис Сенатының, Қарақалпақстан Республикасы Ҳүкиметиниң ағзалары, тийисли кәрхана, мәкеме, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов басқарып барды.

Ең дәслеп, депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жылдың 29-май күни экспорт-импорт, жергиликли бюджетке қосымша түсимлерди тәмийинлеў, аўыл хожалығында ғаўаша тәрбиясы, бийдай орым-жыйыны, тәкирарый егинлер ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыў сыяқлы әҳмийетли илажларды нәтийжели өткериўге байланыслы мәселелерге бағышланған видеоселектор мәжилисинде елимиздиң экономикасын турақлы раўажландырыў, соның ишинде Аўыл хожалығы тараўында кешиктирип болмайтуғын мәселелерге айрықша итибар қаратылып, анық ўазыйпалар белгилеп берилди. Суўдан мақсетли пайдаланыўды қатаң қадағалаўға алыў, суўды үнемлейтуғын заманагөй технологияларды енгизиў,  топырақтың ығаллығын узақ сақлаў ушын ҳәр гектарға 10 тонна есабынан жергиликли төгин шығарыў, суўғарыў жумысларын тек шербет усылында алып барыў,  ис өнимдарлығын арттырыў мақсетинде суўшы, механизатор ҳәм жумысшыларға қолайлы мийнет шараятын жаратыў, оларды ўақтында ис ҳақылары менен тәмийинлеў бүгинги күндеги ең баслы ўазыйпалардан саналады.

Суўдың жетиспеўшилиги күтилип атырған быйылғы жылдың шараятында ғәлледен босаған майданларға егилетуғын тәкирарый егин майданларының көлемин 10 мың гектарға қысқартыў, олардың орнына суўды аз талап ететуғын мәш, лобия ҳәм басқа да азықлық егинлерди егиў белгиленбекте. Болып өткен видеоселектор мәжилисинде «Ғаўашадан кепилленген зәрәәт топлаў» бир айлығын жәриялаў белгилеп алынды.

Бүгинги күни ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимиз экономикасының барлық тараўларында, соның ишинде аўыл хожалығында кең көлемли өзгерислар жүз бермекте. Быйылғы жылдың өзинде пахта ҳәм ғәлле жетистириўди қаржыландырыў, қыйтақ жерлерден пайдаланыў бойынша жаңа система жаратылды. Атап айтқанда, пахта жетистириў ушын 359 миллиард 190 миллион сум жеңилликли кредит ажыратылмақта. Бағдарлама тийкарында «Агромаш-сервис» МТПларға он жыл мүддетке бес процентлик кредит есабынан 71 миллиард 742 миллион сумлық 313 дана техника және агрегат алып келинген болса, қалған 628  данасын алып келиў күтилмекте. Бар суўдан үнемли ҳәм нәтийжели пайдаланыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарары тийкарында 94 дана, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен 100 дана, жергиликли бюджет есабынан 300 дана, жәми 494 дана көшпели дизель насос агрегатын алыў келиў нәзерде тутылмақта. Соннан бүгинги  күнге 390 данасы фермерлерге хызмет көрсетпекте.

Быйылғы жылы жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаўға жәми 81 миллиард 53 миллион сум қаржы ажыратылмақта. Усы тийкарда қабыл етилген бағдарлама тийкарында коллекторларда қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары ушын 22  миллиард 192 миллион сум, тиклеў және оңлаў жумысларын алып барыў ушын 26 миллиард 635 миллион сумлық,  каналларда қурылыс ҳәм реконструкция жумысларына 32 миллиард 226 миллион сум қаржы ажыратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң  усы жыл 17-апрельдеги «Аўыл ҳәм суў хожалығы тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында суў хожалығының өз алдына министрлик болып шөлкемлестирилиўи, тараўдың ҳақыйқый жағдайын  және раўажланыў перспективаларын терең үйрениў, оларды стратегиялық раўажландырыў  сиясаты бойынша тәширшең жумысларды жолға қойыў, басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ўазыйпасын белгилеп берди.  Бул өз гезегинде  бир нешше жыллар даўамында тараўда пайдаланылмай атырған имканиятларды иске қосыўда, суў ресурсларынан мақсетли пайдаланыўда айрықша әҳмийетке ийе.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев өткен жылдың декабрь айында Қарақалпақстанға сапары даўамында мелиорация ҳәм ирригация тармақларын қурыў ҳәм реконструкциялаў жойбарлары менен танысып, бир қатар ўазыйпалар белгилеп берген еди.  Усы тийкарында  Төрткүл районындағы «Шорбулақ» суў сақлағышын қурыў бойынша 4  миллиард сумлық шәртнама дүзилип, жумыслар баслап жиберилди. Сондай-ақ, «Бостан» каналының қурылысы бойынша жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлер таярланбақта. Буннан тысқары, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша еки жыллық бағдарлама ислеп шығылды.

Сессияда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының комитет баслығы Б.Матмуратов шығып сөйлеп, суў ресурсларынан ақылға уғырас пайдаланыў бойынша алда турған жуўапкерли ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Сондай-ақ сессияда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев Президентимиздиң басшылығында болып өткен видеоселектор мәжилисинен келип шығатуғын ўазыйпалар, пахта ҳәм ғәлледен мол зүрәәт топлаў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде 4 сектор басшыларының жуўапкершилиги бойынша баянат жасады.

Буннан кейин, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары С.Хожаметов, Қарақалпақстан Республикасы фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң баслығы Қ.Нурымбетов, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы М.Матчанов аўыл хожалығы егинлерин, соның ишинде ғаўаша майданларын суўғарыўды шөлкемлестириў, ғәлледен босаған майданларға суў кем талап ететуғын ениглерди жайластырыў, суўдан үнемли пайдаланыў бойынша әмелге асыралатуғын илажларға тоқтап өтти.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Депутатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының сессиялар аралығында қабыл еткен қарарларын тастыйықлады.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз жигирма биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.