Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-июнь күни Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары ҳәм ири жойбарлар менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысының идеясы ҳәм басламасы менен пайтахтымызда үлкен қурылыс жумыслары, экономиканың жетекши тармақларында стратегиялық әҳмийетке ийе ири жойбарлардың табыслы әмелге асырылып атырғаны халықтың турмыс дәрежеси ҳәм сапасын жоқарылатыў, Ташкентти заманагөй мегаполиске айландырыўда әҳмийетли орын ийелемекте.

Пайтахтымыз районларына бул реттеги сапары даўамында да тийкарғы  итибар мине усы жолдағы әҳмийетли режелер ҳәм жойбарлардың орынланыўына қаратылды.

Президентимиз дәслеп «Ташкент-Шығыс» аэродромы базасында қурылып атырған исбилерменлик аэропортының қурылыс участкасына барды.

Мәмлекетимиз басшысы 2017-жыл 2-декабрь күни усы жойбар менен танысып, бизнес авиацияны шөлкемлестириў ҳәм бундай түрдеги барлық  хызметлерди көрсетиўге тийисли заманагөй инфраструктураны қурыў бойынша көрсетпелер берген еди.

Исбилерменлик аэропорты Орайлық Азия регионында пүткиллей жаңа система болып, жеке тәртиптеги ҳәм корпоратив ушыўларға қәнигелеседи. Жойбар елимиздиң транспорт ҳәм транзит имканиятларын буннан былай да арттырыўда әҳмийетли орын ийелейди. Ҳәзирги ўақытта жоқары дәрежедеги мийманлар, сырт ел делегацияларын, исбилерменлер, саяхатшыларға сапалы хызмет көрсетеди.

Ҳәзирги ўақытта ески ушыў-қоныў полосасының орнына 4 километрли  заманагөй жол қурылмақта.  Саатына 250 жолаўшыны өткериў имканиятына ийе терминал қурыў, кейинги басқышта қосымша инфраструктура объектлери, мийманхана комплексин қурыў режелестирилген.

Усы күнге шекем бул жерде дерлик 20 мың куб метр топырақ жумыслары орынланды. Қурылыс-монтажлаў жумысларына 100 ден аслам арнаўлы техника тартылған.

Аэродром аймағында бир ўақыттың өзинде 20 самолётқа хызмет көрсететуғын перрон қурылады. Сондай-ақ, қорғаў, байланыс ҳәм қәўипсизлик пунктлериниң қурылыўы нәзерде тутылмақта. Жойбар шеңберинде ҳаўа лайнерлерине техникалық хызмет көрсетиў орайы, самолёт ҳәм вертолётларды сақлаў ушын заманагөй ангар, өрт қәўипсизлиги депосы қурылады. Соның менен бирге, диспетчерлик орайы ҳәм жолаўшылар ушын аўқатланыў имараты қәд көтереди.

Жойбардың биринши басқышы 2020-жылы жуўмақланыўы белгиленген.

– Бизнес-аэропортта сырт ел исбилерменлерине ҳәр тәреплеме мақул болатуғын хызметлерди жолға қойыў ушын жойбар толық болыўы керек. Самолёттан түскен адам халқымыздың қаншелли кеңпейил ҳәм миймандос екенин сезиниўи керек. Сол себепли заманагөй жойбарлаў институты шөлкемлестирилип, Япония, Германия сыяқлы еллерден маман қәнигелерди жумысқа тартыў зәрүр. Мине усылай ислесек ғана, бул аэропорт халқымызға, перзентлеримизге көп жыллар хызмет етеди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз пайтахтымыздың Мақтумқулы ҳәм Оҳангарон көшелериниң кесилиспесинде қурылып атырған үш қабатлы заманагөй көпирдиң жойбарын көзден өткерди.

Транспорт ҳәрекети көп кесилиспелерден бири болған усы аймақта үш қабатлы жаңа көпирдиң қурылыўы тығылысты азайтып, айдаўшы ҳәм жолаўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлейди.

Көпирдиң Паркент көшесинен Оҳангарон шоссесине өтетуғын бөлиминде узынлығы 500 метрден аслам тунель қурылады. Екинши басқышта Қарасуўдан Мақтумқулы көшесине шығатуғын жолдың усы тунель үстинен өткен бөлиминде айланба көпир қурылады. Еки көпир үстинен өтетуғын үшинши қабат Мақтумқулы ҳәм Темур Малик көшелерин тутастырады. Сондай-ақ, Ташкент механика заводында оңланған самолётларды исбилерменлик аэропортына алып барыў ушын жол өткелиниң қурылыўы режелестирилген.

Усы ўақытқа шекем елимизде үш қабатлы көпир қурылмағанын атап өтиў орынлы. Ендиликте Өзбекстан эстакада қурыў тәжирийбесин де өзлестирмекте.

Қурылыс жумысларын 2019-жыл август айында толық жуўмақлаў режелестирилмекте.

– Бул көпир келешекте Ташкент қаласының ең дыққатқа сазаўар орныболады, – деди Президентимиз. – Өзбекстан ушын жаңалық болған бул үлкен имарат Чорвоқ ҳәм Чимён аймағын раўажландырыўға тийкар жаратады. Көпирдиң қурылыўы процесинде автомобильлер ҳәрекети тоқтатылмайды.

Жаңа транспорт айланысы Ташкент қаласынан Чорвоқ аймағына баратуғын жолды 22 километрге қысқартпақта. Әйне ўақытта пайтахт халқының ҳәм сырт елли саяхатшылардың Чорвоқ және Чимён аймағына тез ҳәм аңсат жетип алыўы ушын Шыршық дәрьясының үстинен көпир қурылмақта.

Шавкат Мирзиёев жаңа көпирди заманагөй технологиялар тийкарында сапалы қурыў, коммуникация тармақларын жайластырыў бойынша зәрүр көрсетпелер берди.

– Ең әҳмийетлиси, жаздың ыссысында бул жерде қурылыс жумыслары транспорт қатнаўына қолайсызлық пайда етпеўи зәрүр. Буны ҳәзирден ойлап пуқта шешим табыў, қурылысты 3 сменада шөлкемлестириў зәрүр, – деди Президентимиз.

Бул жерде мәмлекетимиз басшысына Ташкент жер үсти айланба метро линиясын қурыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Мәмлекетимиз басшысы Чиланзар районынының Афросиёб ҳәм Бешёғоч көшелериниң кесилиспесиндеги аймақта қурылып атырған көп тармақлы «Хумо арена» муз сарайының қурылысын көзден өткерди.

Бул комплекстиң дизайнинде заманагөй қурылыс шешимлери ҳәм алдынғы технологиялар миллий  мәденият элементлери менен үйлесип кеткен. Комплекс ҳаўада ушып баратырған бахыт ҳәм тынышлық белгиси – Қумай қусы тәризинде қурылмақта.

Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 3-февраль күни «Хумо-Арена» жойбары менен танысып, бул сыяқлы заманагөй спорт имаратларының бәркамал әўлад тәрбиясындағы әҳмийетине айрықша итибар қаратып, жуўапкер басшыларға қурылысты жоқары сапада әмелге асырыў бойынша зәрүр көрсетпелер берген еди.

Имарат еки бөлимнен ибарат болып, онда тийкарғы ҳәм шынығыў муз ареналары орын ийелейди. Улыўма майданы 82 мың 250 квадрат метрден ибарат 6 қабатлы имараттың ең бийик жери 40 метрди қурайды.

Мобиль отырғышлар менен тәмийинленетуғын сарайда хоккей ойынларын 12 мың 500, басқа да спорт жарысларын 14 мың, түрли концерт ҳәм дем алыў бағдарламаларын 10 мың тамашагөй бақлаў имканиятына ийе болады. Дем алыў орны ҳәм социаллық орай сыпатында қурылып атырған муз сарайында ҳәр түрли илажларды өткериў мүмкин болады. Соның ишинде, аренада халықаралық хоккей ойынлары, кёрлинг, фигуралы ушыў, шорт-трек бойынша жарыслар, баскетбол, волейбол, гандбол, футзал, бокс, таэквондо, қылышласыў жарысларын өткериў имкнияты жаратылады. Буннан тысқары, комплексте улыўмахалықлық байрамлар, концертлер көргизбе ҳәм форумлар шөлкемлестириў мүмкин.

Комплексте инженерлик тармақлар, өртти өшириў, суўытыў системалары, жақтыландырыў, вентиляция, ыссылық дәреги толық автоматластырылған ҳалда, үнемли технологиялар қолланылады. Оның жанында  1 мың 375 автомобильге мөлшерленген  5 қабатлы автомобильлер турыў орны қурылмақта.

Президентимиз бул комплексте шуғылланатуғын хоккей, фигуралы ушыў ҳәм басқа да спорт түрлери бойынша командаларды ҳәзирден-ақ қәлиплестириў, бул жерде ири халықаралық жарысларды шөлкемлестириў мәселесин  үйренип шығыў зәрүрлигин атап өтти.

Бул комплексти жылдың ақырына шекем пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.

Бүгинги күнде Ташкент қаласының орайы үлкен қурылыс майданына айланған. 80 гектар аймақта қурылып атырған ««Tоshkent City»  халықаралық исбилерменлик орайына тек елимиздиң исбилерменлери емес, ал сырт елли инвесторлар да қызығыўшылық билдирмекте.

Президентимиздиң усы аймаққа келиўи ҳәм қурылыс жумыслары менен танысыўы ўақтында бул ҳаққында айрықша сөз жүргизилди.

Ҳәзирги күнде усы заманагөй орайдың аймағы 7 бөлекке бөлинип, қурылыс жумыслары алып барылмақта. Ҳәзирги ўақытқа шекем 42 куб метр топырақ жумыслары орынланған, «Конгресс холл» ҳәм  бес жулдызлы мийманхананың жер асты монолит қатламларын беккемлеў жуўмақланған.

Мәмлекетимиз басшысы «Tоshkent City»  қурылыс процесин көзден өткерди. Қурылысшы-инженерлер, сырт елли қәнигелер менен сөйлести.

Бүгинге шекем «Tоshkent City»  ҳәкимшилиги тәрепинен Уллы Британия, Германия, Италия, Қубла Корея компаниялары менен заманагөй турақ жайлар, офис ҳәм саўда комплекслери, билимлендириў мәкемелери,  2 дана 20 қабатлы саўда-кеўил ашар орайы, 40 қабатлы мультифункционаллық имарат ҳәм қурылмалар қурылысына инвестиция киргизиў бойынша жойбарларға қол қойылды.

Президентимиз мийманхана ҳәм «Конгресс холл»дың ишки дизайни кириў бөлимлери және абырайлы халықаралық әнжуманларды өткериўге мөлшерленген заллардың интерьерлери жойбары менен танысып, оларды миллий усылда безеў ҳәм тәмийинлеў бойынша зәрүр пикир-усыныслар берди.

Пайтахтымызда жол ҳәрекети, тығылыстың алдын алыў мақсетинде көплеген көпир ҳәм жол өткеллери қурылмақта. Чиланзар районындағы Бунёдкор ҳәм Чўпон ота көшелериниң кесилиспесинде қурылып атырған заманагөй жол өткели усыллардан бири болып есапланады.

Жаңа көпирдиң улыўма узынлығы 676 метр, соннан эстакада бөлими 488,5 метр болып, бийиклиги 8 метр, кеңлиги 24,5 метрге тең. Транспортлар 6 қатарда ҳәрекетленеди. Сондай-ақ, 124 метрли еки пиядалар өтиў көпири де қурылып атыр. Майыпларға ҳәм нуранийларға қолайлылық жаратыў мақсетинде оларда арнаўлы лифт, эскалатор орнатыў нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде алып барылып атырған қурылыс жумыслары менен танысты, қурылысшылар менен пикирлести.

– Жаңа көпирлер сапалы, жүдә пуқта болыўы керек. Бул ушын өз жумысымызға пидайылық пенен қатнас жасап, көпир қурылысы бойынша алдынғы шет ел тәжирийбесин үйренип барыўымыз зәрүр, – деди Президентимиз.

Жаңа имратты жойбарластырыўда жақтыландырыў системасына да айрықша итибар қаратылған. Оған бола, көпирге дүнья стандартларына толық жуўап беретуғын энергия үнемлеўши үскенелер орнатылады. Қурылыста Германиядан келтирилген заманагөй техникадан пайдаланып атырғаны жумыс өнимдарлығын арттырмақта. Бүгинги күнге шекем 256 бөренеден 234 и орнатылған, 276 призматикалық қазықтың барлығы қағылған, сондай-ақ, пиядалар өтиў жолындағы таяныш үстинлер толық орнатылған.

Бул жерде жаңа көпирлер қурыў, барларын оңлаў ҳәм эксплуатациялаў бойынша жумыслардың көргизбеси өткерилди. Ташкент қаласында және  он бес орында жол өткеллери қурылатуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы көпирлерди сақлаў, оңлаў ҳәм экслуатациялаў мәселеси де жүдә әҳмийетли екенин атап өтти. Тараў ушын арнаўлы қәнигелер таярлаўға қәнигелескен колледжлер шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берди.

Елимизде халықтың турмыс абаданлығын арттырыў, адамларымыз ушын заманагөй шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди, «Абат аўыл» бағдарламасы әмелге асырылмақта. Енди қалалар ушын «Абат мәҳәлле» бағдарламасы ислеп шығылмақта.

Чиланзар районындағы Хирмонтепа мәҳәллеси тәжирийбе сыпатында усы концепция сыпатында абат етилмекте. Аймақта жайласқан 24 көп қабатлы турақ жай оңланды. Мәҳәлле ведомствосының хызметкерлери, профилактика инспекторлары ушын қурылма, коммуналлық төлемлер шақапшасы, балалар ҳәм спорт майданшалары қурылмақта.

Президентимиз бул жерде мәҳәлле белсендилери, көп қабатлы турақ жайларда жасайтуғын халық ҳәм  балалар менен сөйлести, олардың ҳал-жағдайлары менен қызықсынды.

– Ҳәр бир мәҳәллени Жиззақтағы Манасқа уқсатып абат етиўимиз керек. Барлық жумысларымыздың түп-тийкарында халқымызды разы етиў мақсети жәмлескен. Оның ушын барлық имканиятларды иске қосамыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Шавкат Мирзиёев Чиланзар районында Тирсакабат мәҳәллесинде де болып, бул жерде әмелге асырылып атырған абаданластырыў жумыслары менен танысты.

«Тирсакабат» мәкан пуқаралар жыйына аймағында 9 көп қабатлы турақ жай ҳәм 864 ҳәўли бар. Бул жерде жасап атырған 5 мың 200 ден аслам халық арасында түрли миллет ўәкиллери бар.

Мәҳәлледе Президентимиздиң 2017-жыл 3-февральдағы  «Мәҳәлле институтын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта.

«Sherobod building» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен биргеликте мәҳәлле орайында шайхана, нанбайхана, гөззаллық салоны, дүканлар, спорт ҳәм балалар майданшалары заманагөй көринисте бой тиклеўи мәҳәлле халқы ҳәм  оған жақын аймақ халқы ушын жүдә мақул болмақта.

Бул жерде «Абат мәҳәлле» жойбары тийкарында мәҳәлле баслығы, хаткери, кеңесгөйлери, профилактика инспекторы, нуранийлар ушын бөлмелер, китапхана, мәжилислер залы, балалар майданшасы, жаслар ушын спорт имаратлары, фонтанлар қурылысы, отырғышлар, саяманлар, түнги жақтыландырыў үскенелерин орнатыў сыяқлы жумыслар жедел исленбекте.

Мәмлекетимиз басшысы мәҳәлле белсендилери менен сәўбетлести.

Пайтахтымыздың ҳәм елимиздиң барлық аймақларында заманагөй мәҳәлле орайларын қурыў, халық пенен турақлы пикирлесиў, оның абаданлығын ҳәм тынышлығын тәмийинлеў бойынша жуўапкер шахсларға көрсетпелер берди.

Сол күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Ташкент қаласы ҳәм районлар ҳәкимлери, жуўапкер басшылардың қатнасыўында мәжилис өткерилди.

Сын ҳәм таллаў руўхында өткен мәжилисте пайтахтымызда санаатты ҳәм киши бизнести раўажландырыў, халықтың бәнтлигин арттырыў, инженерлик коммуникация тармақларын жақсылаў бойынша әҳмийетли илажлар белгилеп берилди.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёдулло ЖАНИБЕКОВ,

Умар АСРОРОВ,

ӨзА ның хабаршылары