Дүнья жүзилик бәсекиге қәбилетлилик индексиниң нусқасы бойынша 2017-2018-жылларда дүньядағы ең жақсы ҳәм ең жаман жолларға ийе мәмлекетлердиң рейтинги ислеп шығылды.

Рейтингде дүньяның 137 мәмлекети көрсетип өтилген. Жоллардың сапасы ең жоқары балл – 7 балл менен баҳаланған. Бул баҳалаўға дүньяның бирде-бир мәмлекети ийе бола алмаған.

Жол сапасы ең жақсы еллердиң басында Бирлескен Араб Әмирликлери көрсетилген. Бул елдиң жоллары 6,4 балл менен баҳаланған.

Екинши орын Сингапурға несип еткен. Бул елдиң көрсеткиши – 6,3 балл.

Күшли үшликти усындай көрсеткиш пенен Швейцария жуўмақлаған.

«Топ-10»лыққа Гонконг (6,2), Голландия (6,1), Япония (6,1), Франция (6), Португалия (6), Австрия (6) ҳәм АҚШ (5,7) мәмлекетлери киргизилген.

Жолларының сапасы ең төмен еллер қатарында Мавритания «биринши» болып тур. Бул мәмлекет жолларына 7 балдан бары-жоғы 2 балл қойылған.

Конго Демократиялық Республикасы менен Гаити еллериниң жоллары 2,1 балл менен баҳаланған. Сондай-ақ, бул дизимнен Мадагаскар (2,2), Гвинея (2,2), Йемен (2,3), Парагвай (2,4), Украина (2,4), Мозамбик (2,5) ҳәм Молдова (2,5) мәмлекетлери орын алған.

Өзбекстанның жоллары бойынша мағлыўматлар бул рейтингке киргизилмеген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.