Мектеп жасындағы балаларды улыўмалық орта билимлендириўге қамтып алыў район (қала) ҳәкимликлериниң қарары менен улыўма билим бериў мәкемелерине бириктирилген аймақлар (микроаймақ) шеңберинде улыўма билим бериў мәкемесиниң педагог хызметкерлери тәрепинен балаларды бирме-бир (үйме-үй) дизимге алыў арқалы әмелге асырылады, деп жазады Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы.

Улыўма билим бериў мәкемеси басшылығы усы мәкемеге бириктирилген аймақтағы мектеп жасындағы балаларды өз ўақтында улыўма билим бериў мәкемесине оқыўға тартыў ушын жуўапкер есапланады.

Улыўма билим бериў мәкемелериниң 1-класына 6-7 жастағы балалар медициналық мағлыўматнамаға муўапық қабыл етиледи.

Тийисли жылдың 31-августына шекем 6,5 жасқа толмаған, 1-класта оқыў нийетин билдирген балалардың ата-аналары менен улыўма билим бериў мәкемесиниң педагог хызметкерлери ҳәм психологы тәрепинен баланы мектепте оқыўға физикалық ҳәм руўхый жақтан таярлаў бойынша түсиник жумысларын алып барады.

Балаларды улыўма билим бериў мәкемесиниң 1-класына қабыл етиў ушын олардың ата-аналары тәрепинен төмендеги ҳүжжетлер тапсырылады:

– ата-аналар тәрепинен улыўма билим бериў мәкемесиниң директоры атына арза;

– ата-аналардың пуқаралық паспортының нусқасы;

– балалардың туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалығының нусқасы;

– баланың денсаўлығы ҳаққындағы медициналық мағлыўматнама;

– баланың 3,5х4,5 см көлемдеги 4 дана реңли фотосүўрети.

Балалар улыўма билим бериў мәкемесиниң 1-класына таярлық дәрежесине қарамастан, таңлаўсыз қабыл етиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги