Жаңа оқыў жылы қарсаңында республикамыздың барлық қала ҳәм районларында мектеп ярмаркалары өткериледи. Ярмаркалар Қарақалпақстан Республикасы Билимлендириў министрлигиниң қадағалаўында усы жылдың 10-августинен 10-сентябрине шекем жәми 64 мектепте өткерилиўи режелестирилген.

Ярмаркада канцелярия буйымлары, мектеп формасы, сумка, аяқ кийим сыяқлы балалар бақшасы, мектеп, лицей-колледж ҳәм жоқары оқыў орынлары ушын керек болатуғын барлық нәрселерди сатып алыў мүмкин болады.

Мектеп ярмаркалары өткерилетуғын мәнзиллер ҳәм мүддетлер ҳаққында  қосымша мағлыўмат бериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги