USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 29 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

БАЛАЛАРДЫ ҚОРҒАЎ КҮНИ БАЙРАМЛАНДЫ

 1-июнь-Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Республикамыздағы бир қатар министрликлер ҳәм тийисли шөлкемлердиң қатнасыўында, қоспа реже тийкарында  «Ҳәр бир балаға меҳир, итибар» атамасындағы бир қатар илажлар алып барылмақта. Усы реже тийкарында  Хожели районындағы 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»нде де байрам бағдарламасы шөлкемлестирилди.

Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Министрлер Кеңесиниң баслығы Қ.Сариев, Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры Р.Рахматов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, балаларды байрам менен қутлықлады. Олар балаларға жаратылып атырған имканиятларға кеңнен тоқтап, келешекте елимизге мүнәсип перзентлер болып жетисиўлерине тилеклеслик билдирди.

Байрам кешесинде С. Хожаниязов атындағы жас тамашагөйлар театры актёрлары тәрепинен  ертек қаҳарманларының қатнасыўында сахналық көринислер қойып берилди. Сондай-ақ, «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшыларынан дүзилген  «Таң шуғласы» ансамблиниң концерт бағдарламалары байрамға заўық бағышлап, балалар аяқ ойынға түсип, кеўилли дем алды.

Балаларды қорғаў күнине арналған илажға Өзбекстан Миллий олимпиада комитетиниң  президенти ҳәм Футбол ассоциациясының биринши вице-президенти  У.Аҳмаджонов басшылығындағы делегация да қатнасты. Илаж даўамында Өзбекстан Олимпиада сайланды командалары футболшыларының қатнасыўында мастер-класс шөлкемлестирилди. Футболшылар «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшылары менен дослық футбол ушырасыўын өткерди. Буннан соң Миллий олимпиада комитети Президенти ҳәм спортшылар балаларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң саўғаларын тапсырды.

«Балаларды ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў ассоциациясы» тәрепинен «Меҳрибанлық үйи»ниң бес тәрбияланыўшысына 1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Россия Федерациясында шөлкемлестирилип атырған байрам салтанатларына қатнасыў ушын «Детский фонд России» қорының жолламасы алып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.