Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде ЮНИСЕФ балалар шөлкеминиң Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы Саша Грауманнды қабыллаў мәресими болды.

Илажда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов мийманды республикамызға сапары менен қутлықлап, ЮНИСЕФ пенен қатнасықлардың бүгинги жағдайы, оны раўажландырыў мәселелерине ҳәм келешектеги режелерге тоқтап өтти.  Бунда усы абырайлы шөлкем менен 2016-2020-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасының қабыл етилгенлигин айрықша атап өтиў керек.  Өткен жылы июнь айында БМШ тың Бас хаткери Антониу Гутерриштиң республикамызда, соның ишинде Мойнақ районында болып, Арал апатшылығының ақыбетлерин сапластырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты ҳәм жергиликли халық пенен сәўбетлести.

Өз гезегинде ЮНИСЕФ балалар шөлкеминиң Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы Саша Грауманн жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын республикамыз басшысына миннетдаршылық билдирди. Алдағы ўақытлары Арал апатшылығынан жәбир көрип атырған халықтың денсаўлығын беккемлеў, фармацевтика тармағын раўажландырыў, билимлендириў тараўларында бирге ислесиў бойынша әмелге асырылатуғын ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Илажда келешекте бирге ислесиў бойынша пайдалы пикир алысыўлар болды.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.