USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 16 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ПРЕЗИДЕНТИМИЗ КӨП ТАРМАҚЛЫ «ХУМО АРЕНА» МУЗ САРАЙЫНДА БОЛДЫ

Президентимиз кўп тармоқли “Ҳумо Арена” муз саройида бўлди

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Чиланзар районындағы Афросиёб ҳәм Бешёғоч көшелери кесилиспесиндеги аймақта қурылып атырған көп тармақлы «Хумо арена» муз сарайының қурылысы менен танысты.

Бул спорт комплекси дизайнында заманагөй қурылыс үлгилери ҳәм алдынғы технологиялар миллий  мәденият элементлери менен үйлесип кеткен. Комплекс ҳаўада ушып баратырған бахыт ҳәм еркинлик нышаны – Қумай қусы түринде қурылмақта.

Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 3-февраль күни «Хумо-Арена» муз сарайының қурылыс жойбары менен танысып, усы сыяқлы заманагөй спорт қурылмаларының бәркамал әўлад тәрбиясындағы әҳмийетине айрықша итибар қаратып, жуўапкер басшыларға қурылыс процесин жоқары сапада әмелге асырыў бойынша зәрүр көрсетпелер берген еди. Әйне ўақытта бул жерде қурылыс жумыслары жедел алып барылмақта. Имарат еки бөлимнен ибарат болып, оннан тийкарғы ҳәм шынығыў муз ареналары орын ийелейди. Улыўма майданы 82 мың 250 квадрат метрди қурайтуғын 6 қабатлы қурылманың ең бийик жери 40 метрди қурайды.

19801ae3-5f0e-39ad-c686-5226c56b8549.jpg

Мобиль отырғышлар менен тәмийинленетуғын сарайда хоккей ойынларын 12 мың 500, басқа да спорт жарысларын 14 мың, түрли концерт ҳәм дем алыў бағдарламаларын 10 мың тамашагөй бақлаў имканиятына ийе болады. Дем алыў орны ҳәм социаллық орай сыпатында қурылып атырған муз сарайында ҳәр қыйлы илажларды өткериў мүмкин болады. Соның ишинде, аренада халықаралық хоккей ойынлары, кёрлинг, фигуралы ушыў, шорт-трек бойынша жарыслар менен бир қатарда, баскетбол, волейбол, гандбол, футзал, бокс, таэквондо, қылышласыў сыяқлы спорт түрлери бойынша да беллесиўлерди өткериў имкнияты болады. Буннан тысқары, комплексте улыўмахалықлық байрамлар, концертлер көргизбе ҳәм форумлар шөлкемлестириў ушын шараятлар жаратылады.

86c13dd5-bd0a-a635-73ed-021d9c0627a0.jpg

Комплексте инженерлик тармақлары, өрт өшириў, суўытыў системалары, жақтыландырыў, винтеляция, ыссылық дәреги толық автоматластырылған ҳалда, үнемли технологиялар қолланылады.

Буннан тысқары, имарат жанында  1 мың 375 автомобильге мөлшерленген  5 қабатлы автомобильлер турыў орны қурылмақта.

Президентимиз бул комплексте шуғылланатуғын хоккей, фигуралы ушыў ҳәм басқа да спорт түрлери бойынша командаларды ҳәзирден-ақ қәлиплестириў, бул жерде ири халықаралық жарысларды шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти.

Бул комплексти жыл ақырына шекем пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.

Зиёдулла Жонибеков, ӨзА