Шавкат Мирзиёев бизнес-авиацияси аэропорти қурилиши билан танишди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-июнь күни Ташкент ўәлаяты Қибрай районындағы «Ташкент-Шығыс» аэродромы базасында қурылып атырған бизнес-авиациясы аэропортының қурылыс участкасына барды.

Мәмлекетимиз басшысы 2017-жыл 2-декабрь күни «Ташкент-Шығыс» аэродромы аймағындағы усы жойбар менен танысып, бизнес авиацияны шөлкемлестирў ҳәм бундай түрдеги барлық  хызметлерди көрсете алатуғын заманагөй инфраструктураны қурыў бойынша көрсетпелер берген еди.

Исбилерменлик аэропорты Орайлық Азия регионында пүткиллей жаңа система болып, жеке тәртиптеги ҳәм корпоратив ушыўларға қәнигелеседи. Жойбар өзбекстанлы ҳәм сырт елли исбилермен топарлардың ўәкиллерине өнимлерди сыртқы базарға жеткерип бериўде, бизнес-шериклер табыўда үлкен орын ийелейди. Соның менен бирге, сырт елли делегацияларды күтип алыў, жоқары дәрежедеги мийманлар ҳәм исбилерменлерге, елимизге келип атырған көплеген сырт елли саяхатшыларға үлгили хызмет көрсетиў, пайтахтымыз ҳаўа бәндиргисиниң транзит имканиятларын арттырыў, экономика тармақларын раўажландырыўға өзиниң унамлы тәсирин көрсетеди.

bd47f181-af86-3301-f5bc-66527b5aa4ec.jpg

Ҳәзирги ўақытта аэропортта қурылыс жумыслары баслап жиберилген. Дәслепки басқышта узынлығы 4 километр болған заманагөй ушыў-қоныў жолы ҳәм саатына 250 жолаўшыны өткериў имканиятына ийе терминал қурылады, екинши басқышта қосымша инфраструктура, мийманхана комплекси салынады.

Усы күнге шекем бул жерде дерлик 20 мың куб метр топырақ жумыслары орынланды. Қурылыс-монтажлаў жумысларына 100 ден аслам арнаўлы техника тартылған. Қурылыс жумыслары «Өзбекстан темир жоллары» АЖ буйыртпасы тийкарында «Транс жол қурылыс арнаўлы бөлип алыўшы» ЖШЖ, «Қурылыс-монтажлаў трести» ҳәм «Ташкент көпирлеринен пайдаланыў» унитар кәрханаларының жумысшы-қәнигелери тәрепинен әмелге асырылмақта.

Комплекс шеңберинде бир ўақыттың өзинде 20 самолётты күтип алыў ҳәм жибериў мөлшерленген перрон қурылды. Сондай-ақ, қорғаў, байланыс ҳәм қәўипсизлик пунктлериниң қурылыўы нәзерде тутылмақта. Жойбар шеңберинде ҳаўа кемелерине техникалық хызмет көрсетиў орайы, самолёт ҳәм вертолётларды сақлаў ушын заманагөй ангар, өрт қәўипсизлиги депосы қурылады. Соның менен бирге, диспетчерлик орайы ҳәм жолаўшылар ушын аўқатланыў имараты қурылады.

de8c32c0-b162-725e-366e-7f8b0f4c6ad1.jpg

Жойбардың биринши басқышын 2020-жылы жуўмақлаў белгиленген болып, сол мүддетте самолётларды қабыл етиў, жолаўшыларға хызмет көрсетиў жумыслары баслап жибериледи.

Шавкат Мирзиёев елимизде исбилерменлик авиациясын жанландырыў, усы аэропорта дүнья стандартларына толық сәйкес келетуғын хызмет көрсетиўди жолға қойыў кереклигин атап өтти.

– Барлық табыстың негизинде жумысты пуқта жойбар тийкарында шөлкемлестириў жатады. Исбилерменлик аэропортын қурыў ҳәм сырт елли исбилерменлерге мақул болатуғын хызмет көрсетиўди жолға қойыў ушын усы имараттың жойбары жетилискен болыўы керек. Аэропортқа қәдем қойған сырт елли халқымыздың миллий мақтанышын сезиўи керек. Сол себепли усы мәселелер менен шуғылланатуғын заманагөй жойбарлаў институты шөлкемлестирилип, Япония, Германия сыяқлы раўажланған еллерден маман қәнигелерди жумысқа тартыў зәрүр. Мине, усылай ислесек ғана бул аэропорт келешекте халқымызға, перзентлеримизге көп жыллар хызмет етеди, – деди Президентимиз.

Матназар ЭЛМУРОДОВ