7-8-июнь күнлери Ташкентте «Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер: жаңаша көзқараслар, инновациялық шешимлер ҳәм инвестициялар» темасында халықаралық конференция болып өтеди. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар бермекте.

Конференцияны өткериўден мақсет Аралды қутқарыў халықаралық қоры (АҚХҚ) жумыслары шеңберинде регион мәмлекетлериниң Арал бойы машқалаларын шешиўге бағдарланған әмелий ҳәрекетлерин келисиў, Арал бойы регионында экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаўға бағдарланған жойбарларды әмелге асырыў бойынша бирге ислесиў жолларын додалаў ҳәм белгилеп алыў, сондай-ақ, оларды әмелге асырыў ушын инвестицияларды тартыўдан ибарат.

Конференцияда Орайлық Азия мәмлекетлери парламентлериниң депутатлары, министрлик ҳәм ведомостволар басшылары, сырт елли қәнигелер, 20 дан аслам сырт елли мәмлекетлердиң жетекши қәнигелери, БМШ, АҚХҚ, МОМЕМ, Жәҳән банки экспертлери, сырт елли компаниялар, халықаралық шөлкемлер, жетекши финанслық институтлардың ўәкиллери қатнасады.

Конференция қатнасыўшылары Арал бойына, атап айтқанда, Нөкис, Мойнақтағы «Корабльлер қойымшылығы»на ҳәм басқа объектлерге барып, аймақтағы экологиялық жағдай менен тиккелей танысыў имканиятына ийе болады. Жергиликли халық ҳәм мәмлекетлик және жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери менен ушырасыўлар өткериледи.

Әнжуман Өзбекстан экологиялық ҳәрекети, Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Өзбекстан Илимлер Академиясы тәрепинен шөлкемлестирилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.