Terra-Modis жасалма жолдас платформасының мағлыўматларына қарағанда, Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьяның жоқары бөлиминдеги дәрья бассейнлериниң қар менен қапланған майданы 2018-жылдың 31-март күнги ҳалаты бойынша 2017-жылдың қар көп жаўған усы дәўирине салыстырғанда аз екенлиги анықланған. Бул ҳаққында Kun.uz сайты хабар бермекте.

 

 

Экспертлердиң пикиринше, бундай шараятта, Әмиўдәрьяның төменги ағымы ушын суўлылық муғдарының узақ мүддетли прогнозына муўапық, пайда болыў ўақтында суў муғдары нормасынан 40 процент әтирапында болыўы күтилмекте. Басқаша айтқанда, быйылғы жылы изертлеў жүргизилип атырған аймақларда суў аз болады. Бул болса, ең алды менен, аўыл хожалығында аз суўлылық пенен байланыслы жүз бериўи мүмкин болған қәтерлердиң ақыбетлерин азайтыў ушын ийкемлесиўдиң қосымша илажларын өткериўди талап етеди.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасы ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги жанындағы Гидрометеорологиялық хызмет пенен биргеликте климатлық өзгерис ҳаққындағы БМШның шеңберлик конвенциясының Адаптациялық қорының қаржылай қоллап-қуўатлаўында әмелге асырылып атырған «Өзбекстанның қурғақшыл аймақларында жайласқан фермер ҳәм дийқан хожалықларының климатлық турақлылығын тәмийинлеў» қоспа жойбары шеңберинде жетилистирилген Қурғақшылықты алдын ала ескертиў системасы (ҚАЕС) усындай прогнозларды көриў имканиятын береди.

Дүнья жүзилик метеорологиялық шөлкеминиң баянатына муўапық, 2017-жылдағы тәбийғый апатшылықлардан көрилген зыянның муғдары рекорд дәрежедеги 320 миллиард долларға тең болды.

Өзгидромет қәнигелери тәрепинен усындай система суў ағымын қәлиплестириў зоналары болған Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьяның жоқарғы бөлимлери ушын ислеп шығылған еди. Соны атап өтиў керек, Қарақалпақстан Әмиўдәрьяның төменги ағымында жайласқан ҳәм бул жерде усы суў ағымынан пайдаланыў және қайта тиклеўге зәрүр болатуғын шараятлар жоқары бөлимлерден түпкиликли парқланады. Жойбар шеңберинде бул система аймақтың географиялық орналасыўы шараятларына ийкемлестирилди. Ҳәзирги ўақытта ол еки түрдеги өнимди алыў имканиятын береди – суў муғдарын сапалы баҳалаў, ол себепли жыл суў ресурслары менен жеткиликли дәрежеде тәмийинленгенлигин ямаса қурғақшылық күтилип атырғанын, және белгили бир объект ушын суў резервлерин сан жағынан түсиндириў ҳаққында көзқарас беретуғын мағлыўматларды анықлаў мүмкин болады.

«Қарақалпақстан бойынша барлық бақлаў тармақларын автоматластырыў жойбардың әҳмийетли бағдары есапланады. 2017-жылдың март-апрель айларында 10 метеорологиялық станциядан ибарат болған бақлаў метеорологиялық тармақты модернизациялаў ушын үскенелер орнатылды. Биз Россия, Қырғызстан ҳәм Италиядан қәнигелерди шақырдық. Бундай үскене мәмлекетте биринши мәрте қолланылмақта. Ол қатаң белгиленген ўақыт даўамында тийкарғы метеорологиялық параметрлерди жоқары анықлықта өлшеў, өлшеўлер нәтийжесинде бирнеше көрсеткишлерди есаплап шығыў, информацияны жеделлик ҳәм дыққат пенен кодлаў, телеграммалар текстин дүзиў ҳәм информацияны мағлыўматларды жәмлеў орайларына жибериў имканиятын береди», – дейди жойбар басшысы Александр Меркушкин.

Сондай-ақ, жойбар шеңберинде Түйемойын ҳәм Қыпшақтағы еки әҳмийетли ноқатларда суў сарпланыўы дәрежесин бақлаў системаларын автоматластырыў әмелге асырылмақта. Бул тийисли өлшемлерди орынлаўда ўақытты үнеммлейди және мийнет сарпын қысқартыў имканиятын береди.

Соған қарамастан, қәнигелердиң айтыўынша, мағлыўматларды жыйнаў ҳәм жәмлеўдиң өзи ғана жетерли емес, информацияны белгили бир аудитория арасында тарқатыў зәрүр. Буның ушын көп модульли информациялық майдан ислеп шығылмақта, ол тийкарғы тутыныўшыларды өзлери ушын қолайлы формада әҳмийетли мағлыўматлар менен жедел түрде тәмийинлеў имканиятын береди.

 

Аўдармалаған: Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.