Пайтахтымыздағы 47-санлы «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында «Жулдызша» мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри А.Шин, ЮНИСЕФ балалар шөлкеминиң Өзбекстан ўәкилханасының баслығы С. Грауманн шығып сөйлеп жыйналғанларды халықаралық балаларды қорғаў күни ҳәм балалар бақшасы имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

-Мектепке шекемги билимлендириў системасы түп-тийкарынан реформаланбақта. Мақсетимиз келеси 3-4 жылда елимиздеги бақша жасындағы балаларды әне, усындай билимлендириў мәкемелерине толық қамтып алыўдан ибарат ҳәм биз оған әлбетте ерисемиз,- деген еди ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң жигирма алты жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде. Сол айтқанындай, ғәрезсиз елимизде мектепке шекемги билимлендириў тараўын реформалаў, соның ишинде, мәмлекетлик емес балалар бақшалары тармағын раўажландырыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.  2018-жыл Қарақалпақстан Республикасында «Мектепке шекемги билимлендириў жылы» деп белгилениўи буның айқын дәлийли болып табылады. Быйылғы жылдың өзинде мәмлекетлик раўажландырыў Бағдарламасы шеңберинде  республикамызда 6 бақшада жаңа қурылыс, 27  бақшаны реконструкциялаў, 18 бақшада ири оңлаў жумысларын алып барыў нәзерде тутылған.

Қайта реконструкцияланып, пайдаланыўға тапсырылып атырған «Жулдызша» мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде келшегимиз болған кишкенелердиң ҳәр тәреплеме терең тәрбия және билим алыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Еки қабатлы, кең ҳәм жақтылы бөлмелер, ойын және спорт майданшалары көрген адамның ҳәўесин келтиреди. «Бахыт Миратдин қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қолы гүл қурылысшылары тәрепинен  улыўма баҳасы 5 миллиард 200 миллион сумлық реконструкция жумыслары қысқа мүддетте әмелге асырылды. Соның менен бирге, 800 миллион сумлық әсбап-үскенелер менен тәмийинленди. «Автотест-Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен автомайданша қәўендерлик жәрдем сыпатында қурып берилди.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси,  Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Өзбекстан Футбол ассоциациясы, бир қатар қәўендер мәкемелер тәрепинен балалар бақшасы жәмәәтине, ҳәр бир тәрбияланыўшыға саўғалар тапсырылды.

Илаж қатнасыўшылары бул жерде тәрбияланыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

-Тийкарынан пайтахтымыздағы «Туран», «Гөне қала», «Қумбыз аўыл», «Көкөзек», «Байтерек» ҳәм «Нәўпир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы кем тәмийинленген шаңарақлардан 150 бала қабыл етилди,-дейди «Жулдызша» мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Замира Ережепова.-Буннан тысқары, қысқа топарларға 36 баланы қабыл етиў режелестирилген.

Мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси жанында қурып питкерилген спорт майданшасында елимизге белгили футболшылар тәрепинен мастер класс шынығыўшылары, «Автотест-Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қәнигелери тәрепинен жол ҳәрекети қағыйдалары бойынша балаларға көргизбели сабақлар өткерилди. Көркем өнер шеберлери менен жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы байрам ташамаларына өзшеге сән бағышлады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.