Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-май күни елимизде әмелий сапар менен болып турған «Росатом» атом энергиясы бойынша мәмлекетлик корпорациясының бас директоры Алексей Лихачёвты қабыл етти.

 Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, Өзбекстан менен Россия арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларды избе-из беккемлеўге, өз-ара пайдалы көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет етип атырған жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер турақлылыққа ийе екенин айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өз-ара товар алмасыў көлеми жедел артып бармақта, биргеликте инвестиция, энергетика, санаат, транспорт ҳәм басқа да тараўларда ири жойбарлар әмелге асырылмақта, избе-из аймақлараралық диолог жолға қойылған, мәдений-гуманитарлық алмасыўлар жеделлести.

Сөйлесиўлерде илим ҳәм жоқары технологиялар тараўында узақ мүддетли шериклик байланысларын раўажландырыў ҳәм беккемлеў, перспективалы жойбарларды әмелге асырыў, еки елдиң илимий-изертлеў институтлары ҳәм инновация орайлары арасында, соның ишинде, өткен жылы қол қойылған Атом энергиясынан тыныш мақсетлерде пайдаланыў тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисим шеңберинде тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Бирликтеги бағдарлама ҳәм жойбарлар шеңберинде жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаў бойынша системалы жумысларды шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

«Росатом» мәмлекетлик корпорациясының бас директоры Алексей Лихачёв шын жүректен қабыллағаны ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирип, Россия Федерациясы басшылығының сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Россия еллеримиз ҳәм халықларымыздың мәплери жолында энергетика секторында кең көлемли шериклик ҳәм өз-ара пайдалы илимий-технологиялық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдан мәпдар екенлиги ҳәм буған таяр екени айрықша атап өтилди.

ӨзА